Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана Пийшемби, 25.04.2024, 14:44
Хош келипсиз Гость | RSS
Сайт мазмуны

Мини-чат

Бизиң сораўлар
Сайтымызға баҳа бериң
Барлық жуўаплар: 44

Статистика

Онлайнда: 1
Мийманлар: 1
Пaйдаланыўшылар: 0

Кириў усылы

Главная » 2011 » Август » 26 » ҚЫЗЛАРДЫҢ БАЙРАМ САЎҒАСЫ
10:48
ҚЫЗЛАРДЫҢ БАЙРАМ САЎҒАСЫ

Әзелден өз өнери, ийбелилиги менен ат шығарған қарақалпақтың гөззал, арыў қызлары соңғы жыллары спорт тараўында да даңқ таратпақта. Бул пикиримизди қарақалпақтың қос арыўының елимиз Ғәрезсизлигиниң 20 жыллығы алдынан халықаралық майданда үлкен табысқа ерисип, уллы байрамға мүнәсип саўға таярлаўы тастыйықлайды.

Усы жыл 12-14-август күнлери аралығында күншығыс мәмлекети Япония пайтахтында спорттыңшотакан каратэ-до түри бойынша жәҳән бириншилиги өткерилип, оған дүньяның бирнеше мәмлекетлеринен спортшылар қатнасты. Қуўанарлысы сол, бул абырайлы турнирге Өзбекстан сайланды командасы қурамында қатнасқан жерлеслеримиз—Нөкис педагогикалық кәсип-өнер колледжи оқыўшысы Гүлистан Қайпанова пьедесталдың екинши бағанасына көтерилип гүмис, ал, 1-санлы Нөкис медицина колледжи оқыўшысы Малика Әбдижапарова үшинши орынды ийелеп, медальлар коллекциясын және биреўге арттырды.

—Өткен жыл октябрь айында Кипр мәмлекети пайтахты Никосия қаласында спорттың усы түри бойынша биринши жәҳән кубоги беллесиўинде гүмис медаль менен қайтқан едим. Бул чемпионатта қарсыласларым әдеўир күшли болды. Шешиўши беллесиўде қарсыласыма арзымаған упай менен имканиятты берип қойдым. Бул алдағы беллесиўлер ушын мениң ушын үлкен сабақ болды. Достым Гүлистан екеўимиздиң бул табысымызды халқымыздың жүрек төринен терең орын ийелеген ең уллы ҳәм муқаддес байрамға саўға деп билемен. Бундай нәтийжелерге ерисиўимиздиң тиккелей себепшиси—тренерлерим Хамид Қәлимбетов ҳәм Ре Мураоларға миннетдаршылығым шексиз,-дейди Малика Әбдижапарова.

Өткен күни үлкен қуўанышлар қушағында келген спортшылардың табысларына тилеклес болыў мақсетинде пайтахтымыздағы 2-санлы Балалар спорт мектебине (манеж) қызлардың устаз-тренерлери, дослары, қаланың кең жәмийетшилик ўәкиллери жыйналды. Жыйналғанлар алдында Қарақалпақстан Республикасы Мәденият ҳәм спорт ислери министри Қ.Турдыев қутлықлаў сөз сөйлеп, спортшылардың келешек ислерине табыслар тиледи.

Табыс мүбәрек, қарақалпақтың арыў қызлары!

Қ.МӘМБЕТНИЯЗОВ.

Сүўретте: спортшы қызлар тренери Х.Қәлимбетов пенен.
Ж.ЖАҚСЫМУРАТОВтың түсирген сүўрети

Просмотров: 1121 | Добавил: Erkin | Рейтинг: 0.0/0
Всего комментариев: 0
Имя *:
Email *:
Код *:
Излеў

Календарь
«  Август 2011  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
1234567
891011121314
15161718192021
22232425262728
293031

Архив

Сыбайлас сайтлар
  • Қарақалпақстан музейи менен танысың
  • Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң веб-сайты
  • Қарақалпақстандағы оқыў орынларының бири
  • Кеўил ашар
  • Рунеттеги сайтлар
  • Қарақалпақстан жаңалықлары

  • Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары. Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
    Copyright MyCorp © 2024