Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана Пийшемби, 25.04.2024, 08:46
Хош келипсиз Гость | RSS
Сайт мазмуны

Мини-чат

Бизиң сораўлар
Сайтымызға баҳа бериң
Барлық жуўаплар: 44

Статистика

Онлайнда: 1
Мийманлар: 1
Пaйдаланыўшылар: 0

Кириў усылы

Главная » 2012 » Март » 5 » ТАРИЙХЫЙ ТУЛҒАЛАР
10:03
ТАРИЙХЫЙ ТУЛҒАЛАР
ЕРНАЗАР «ШОЙЫНШЫ»
Бул жасы сексенге шамаласқан әкемниң айтқан гүрриңи еди. Бул дүнья бир жағынан кирип, екинши жағынан шығып кететуғын еки қапылы есиктей екен. Ялғаншыға кимлер келип, кимлер кетпеген. Қарақалпақта жаўырыны жерге тиймеген кегейлиши Жаңабай палўан, қараөзекли Ерназар "шойыншы”, шымбайлы Дошым палўан дегенлер өткен. Әкем бала ўақтында "Қыйсық көпир”де туратуғын Исмет деген кисиниң үйине қыдырып барады. Сол үйде Ерназар "шойыншы” менен Әбди палўан деген адамлар да қонақ екен. Үй иши менен Ерназар "шойыншы”, Әбди палўан үшеўи гүрриңлесип отырады.
Гәптен гәп шығып, бир тыныспада үй ийеси: "Мына Әбди екеўимиз "Шағал көпир”ден ары өтип көргенимиз жоқ. Ал, сиз болса көп жерлерди көргенсиз. Бир қызық гүрриң бер” дейди.
Ерназар жарлы шаңарақтан шыққан, жоқшылықты көп көрген. Талап ислеп қоңсылас Хорезмде бир байға дийқан болады. Байдың Ерназардан басқа және еки дий¬қаны бар екен. Сол еки дийқанға бас болып ол байдың жумысларын ислей береди.
Бир күнлери бай еки дийқаны менен Ерназарды белдар етип қазыўға жибереди. Үш дийқан ат арба менен азықларын алып қазыўға барады. Еки дийқанды ақыраға қойып, Ерназар ултанға түседи. Солай етип, үш адамның қазыўын бир өзи қаза береди.
Арадан үш күн өтеди. Қарық болған менен Ерназардың ебетейсизлигинен белдиң сабы оның қолын алып кетеди. Қоллары қанап жара болады. Сол ўақытта қолына қамшысын ойнатып жасаўыл келеди:
- Бойда қарыўың бар палўан денели жигит екенсең, бир өзиң үш адамның жумысын ислеп атырсаң. Бурын не кәриң бар еди?-деп сорайды.
Бул сораўға Ерназар "киширек той-мерекелерде гүресетуғын едим” деп жуўап береди. Иси ериккен жасаўылдың оған: "Егер де усы аламанның жартысын жығып берсең, қазыўдан азат етемен” деген усынысына Ерназар: "Егер қазыўдан азат ететуғын болсаң, аламанның жартысын емес, ал, барлығын да жығып беремен” деп жуўап қайтарады.
Түски шайдан кейин жасаўыл басы: "Гүрес болады” деп жар урғызып, мыңға шамалас адамды бир жерге топлайды.
Ерназар ортаға шығыўы менен бир топар адам оған қарап жуўырады, бирақ, жасаўыл оларды биримлеп келиў деп қайтарады. Гүреске түскенлерди Ерназар изли-изинен жығады. Кимиси белден, кимиси қабырғадан майырылып атыр. Онлаған адамды жыққаннан кейин оған ҳеш бир адам бетлей алмайды. Гүрес тарқағаннан кейин жасаўыл басы Ерназарды ўәде бойынша қазыўдан азат етеди. Ал, ол болса, жасаўылдан еки жолдасымды да азат етпесең мен де қайтпайман деп турып алады. Жасаўыл оның жолдасларын да қазыўдан азат етип, қолларына қағаз берип қайтарады.
Үшеўи байдың үйине қайтып келеди. Ўақтынан бурын келгенине бай қәўетерленип, олардан себебин сорайды. Булар болса, жасаўылдың берген қағазын байға көрсетеди. Бул хабарға байдың кеўли хош болып, Ерназарға деген ҳүрмети артады.
Бир күнлери қоңсылас аўылда туратуғын бир бай үлкен той береди. Бай үй-ишин тойға алып барыўды Ерназарға тапсырады. Бир ҳәпте даўам еткен тойда қошқар дүгистириў, қораз урыстырыў, бәйгиге ат жибериў, қулласы, тойдың қызығының бәри болады. Палўанлар гүресинде той ийесиниң палўаны қоңсылас түркменниң палўанынан жығылып қалады.
Абырай қолдан кетип, түркмен палўанға шығатуғын талабан бар ма, деп жар салдырады бай. Ерназардың хожейини келип, оны кийиндирип ортаға алып шығады. Түркмен палўан болса, буны баласынып, орнында отыра береди. Буған шыдамаған жасаўыл басы "Тур орныңнан, саған талабан келди!” дейди.
Еки палўан алыса кетеди. Түркмен палўанының Ерназарды орнынан қозғай алмай турғанын байлар байқаған еди. Бирақ, абайсызда түркмен палўан Ерназардың еки қабырғасын майырады. Ерназар болса, өзиниң жеңилгенин мойынлап, байрақты түркмен палўанға бере бериў, дейди. Сол жерде турған еки бай жуўырып келип:
- Ерназаржан, сенде күш бар екен, сени ол орныңнан қозғай алмады. Сен тас мүсиндей болып турдың, ол сени абайсызда майырды. Зыяны жоқ, сени емлетемиз,-деп үгитлей баслайды.
Той ийеси Ерназарды қараңғы жайда мумия берип үш күн бағады. Той еле даўам етип атыр. Төртинши күн дегенде қонақ палўан менен Ерназардың гүресетуғынлығы ҳаққында жар урғызады.
Ерназар енди абайлап гүресиўге өтеди. "Қабырғамды майырған қолың усы ма?” деп оның бир қолын беккем услап алып жаздырмайды. Екинши қолын пал¬ўан сүйекке өткерип жиберип, қайымын таўып аяққа тоғанақ салады. Түркмен палўан кескен геллектей болып жерге қулағанда жердиң шаңы бурқ ете қалады. Жыйналған аламан абырайды қолдан бермегени ушын Ерназарды басларына көтереди. Жасаўыл басы оның қолынан услап қурды бир айландырады. Ерназарға хантеңге түйилген орамаллар қардай жаўады. Солай етип, Ерназар тойда абырайлы болып арбасын айдап қайтады. Оннан кейин бай оны қара жумысқа жекпейди.
Ол Ерназар "шойыншы” деген лақапты жасы қырықларға шамаласқанда алған. Қуйылған шойындай орнынан палўанлар қозғалта алмағаны ушын халық усылай атап кеткен. Ол бир жасар баспақ, таналарды қолтықлап тырп еткизбей паяпыл көпирлерден алып өте береди екен.
Қараөзек аймағында өскени менен соң Беруний районына көшип кетип, сол жерде жасаған. Ҳәзир оның ақлықлары сол жақта жасап атыр. Ерназар "шойыншы” қартайған ўақытларында да гүрескен. Сол Берунийден Халқабадтағы, Тахтакөпирдеги ағайинлериниң үйлерине қыдырып келеди екен. Атағы халыққа кеңнен танылған палўан атамыз алпысыншы жыллардың басларында қайтыс болған. Мен буны шымбайлы оқытыўшы, қатықулақ ағамыз Орынбай Сулаймановтан жазып алған едим. Бул әпсанаўий палўан ҳаққында бизиң еситпегенлеримиз бәлким халық арасында еле көп шығар.
Ильяс СЕЙДЕМЕТОВ,
Әжинияз атындағы НМПИ, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты факультетиниң 1-курс студенти.

Просмотров: 2101 | Добавил: Erkin | Рейтинг: 0.0/0
Всего комментариев: 1
1 Sidnei  
0
You've got it in one. Co'lundt have put it better.

Имя *:
Email *:
Код *:
Излеў

Календарь
«  Март 2012  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
   1234
567891011
12131415161718
19202122232425
262728293031

Архив

Сыбайлас сайтлар
  • Қарақалпақстан музейи менен танысың
  • Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң веб-сайты
  • Қарақалпақстандағы оқыў орынларының бири
  • Кеўил ашар
  • Рунеттеги сайтлар
  • Қарақалпақстан жаңалықлары

  • Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары. Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
    Copyright MyCorp © 2024