Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана Сийшемби, 23.04.2024, 11:02
Хош келипсиз Гость | RSS
Сайт мазмуны

Мини-чат

Бизиң сораўлар
Сайтымызға баҳа бериң
Барлық жуўаплар: 44

Статистика

Онлайнда: 1
Мийманлар: 1
Пaйдаланыўшылар: 0

Кириў усылы

Главная » 2011 » Сентябрь » 5 » «РЕГИСТАН — САМАРҚАНД МАРЖАНЫ» ҳүжжетли фильми таңлаў жеңимпазы
16:56
«РЕГИСТАН — САМАРҚАНД МАРЖАНЫ» ҳүжжетли фильми таңлаў жеңимпазы
"Fәрезсизлик жылнамасы ” таңлаўына Өзбекстан бойынша 20 жылдан берли түсирилген кинофильмлер ишинде "Ең жақсы ҳүжжетли фильм” номинациясы бойынша биринши орын жеңимпазы болған бизиң жерлесимиз, кинооператор Батыр Базарбаев екенлигин еситкенде бул хошхабарды кең жәмийетшиликке жеткергенше асықтық.

Тек мәмлекетимизде ғана емес, "Мосфильм”, "Одессафильм”, "Қырғызфильм”, "Қазақфильм” киношылары менен бирге ислесип, жүзлеген фильмлерге операторлық, айырымларына режиссёрлық еткен Батырдың тәжирийбеси бул таңлаўда айрықша баҳаланды. Режиссёр Махмуд Туйчиев пенен бирге сүўретке алған "Регистан-Самарқанд маржаны” атлы бул ҳүжжетли фильм усы таңлаўға усынылған 100 ден аслам фильмлер ишинде тарийхый әҳмийети, көркемлиги, сүўретке алыўдағы шеберлиги менен ажыралып турғанлығын таңлаў төрешилери болған мәмлекетимиздиң көрнекли киноматографшылары тән алды.

2007-жылы "Мосфильм” киностудиясы тәрепинен түсирилген Батыр сүўретке алған "Тынышлықты тыңлап...” атлы фильмин Россия телеканаллары арқалы қызығыўшылық пенен тамашалағанман. Фильмде Арал машқалалары, бизиң халқымыздың кеўли кеңлиги, баўырманлығы, бир сөзлиги, қайсарлығы бир қарақалпақ қызының тәғдири арқалы терең ашып берилген. Усы елди машқалалары менен қоса сүйе билген, бул топырақта жасаўшы адамлардың қәлбин терең сезине алған адам сүўретке алмағанда, бәлким, усыншелли тәсирли шықпас та еди. Фильмниң бастан аяғына шекем бир қосықтың - "Айдынлар”дың намасы тал-тал еситилип турады.

- Мен бул фильмниң басы ҳәм ақырын - Қарақалпақстанда алынған бөлимин сүўретке алдым ҳәм режиссёрлық еттим, - дейди Батыр. - Тек бул фильмде емес, егер аңласаңыз, көпшилик фильмлеримде мейли қайсы киностудия менен бирге ислеспейин, Қарақалпақстанның бир белгисин көрсетиўге ҳәрекет етемен.

Fәрезсизлик дәўиринде қаншадан-қанша фильмлер дөретилди, солардың ең ылайықлысы таңлаўда қаралды. Биринши орын мен ушын үлкен жетискенлик. Жеңимпазлар қатарында сахнада турып устазым есиме түсти.

Мектеп партасынан туўры Ташкентке, "Өзбеккинохроника”ға келгенмен. Оның басшысы Малик Қаюмов мени бирден жумысқа қабыллап, соң өмириниң ақырына шекем қәдирдан устаз-шәкирт болып қалғанбыз. Ол дөретиўшилигине байланыслы барлық нәрсесин - китапларын, фильмлерин, еске түсириўлерин, альбомларын маған мийрас етип қалдырды. Қолымда үлкен ғәзийне бар десем де болады...

8-класында Ялтада өткерилген фототаңлаўдың жеңимпазы болған Батыр бул тараўдың жәҳән кең жәмийетшилигине белгили маманы сыпатында танылды. Москвада ВГИК тиң операторлық бөлимин питкерген ол узақ жыллар даўамындағы тәжирийбесинен келип шығып, режиссёрлыққа да қол урған. Оның Өзбек киношылары менен бирликте сүўретке алған "Әлемди таң қалдырған дияр”, "Сақаўатлы елдур бул”, Қарақалпақстанда түсирилген, қоңыратлы акушер-гинеколог ҳаққындағы "Енежан”, Президентимиздиң өлим жазасын бийкарлаў ҳаққындағы қарарына байланыслы түсирилген "Инсанның жасаў ҳуқықы”, бизиң эрамызға дейинги IV, III әсирлердеги жазыўлар, сүўретлер, хатлар ҳаққындағы "Үш тут әпсанасы”, "Жәйҳун сырлары” сыяқлы көп ғана фильмлери мәмлекетимизде үлкен әҳмийетке ийе фильмлер қатарынан орын алды.

Булардың бәри ғәрезсизлигимиздиң дөретиўши инсанларға берген имканияты. Егер усы имканиятлар болмағанда өзлигимизди, тарийхымызды, ата-бабаларымыздың, халқымыздың уллылығын айтып жәҳәнге жар сала алмаған болар едик. Бул имканиятлардан пайдалана билген ҳәр бир дөретиўши инсан жеке имканияты шеңберинде ғәрезсизлигимизге, оның беккемлениўине, өзлигимизди танытыўға, келешекке болған беккем исеним оятыўға өз үлеслерин қосып атыр. Батыр Базарбаевтың бүгинги табыслары солардың бир көриниси ғана. Табыслар көзайдын, Батыр! Сизиң дөретиўшилик ислериңиздеги ғәрезсизлигимиз жылнамасы тарийх бетлерине таңбаланып қала берсин, деймиз.

П.ХОЖАМУРАТОВА.

СҮЎРЕТТЕ: кинооператор Б.Базарбаев устазы М.Каюмов пенен
Просмотров: 1217 | Добавил: Erkin | Рейтинг: 0.0/0
Всего комментариев: 0
Имя *:
Email *:
Код *:
Излеў

Календарь
«  Сентябрь 2011  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
   1234
567891011
12131415161718
19202122232425
2627282930

Архив

Сыбайлас сайтлар
  • Қарақалпақстан музейи менен танысың
  • Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң веб-сайты
  • Қарақалпақстандағы оқыў орынларының бири
  • Кеўил ашар
  • Рунеттеги сайтлар
  • Қарақалпақстан жаңалықлары

  • Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары. Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
    Copyright MyCorp © 2024