Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана Сийшемби, 23.04.2024, 16:02
Хош келипсиз Гость | RSS
Сайт мазмуны

Мини-чат

Бизиң сораўлар
Сайтымызға баҳа бериң
Барлық жуўаплар: 44

Статистика

Онлайнда: 1
Мийманлар: 1
Пaйдаланыўшылар: 0

Кириў усылы

Главная » 2011 » Август » 26 » ӘҲМИЙЕТЛИ СӘЎБЕТ
09:57
ӘҲМИЙЕТЛИ СӘЎБЕТ

«ӨНЕРМЕНТЛЕРИМИЗДИҢ ҚАТАРЫН КӨБЕЙТИЎ АРҚАЛЫ НӘТИЙЖЕГЕ ЕРИСПЕКШИМИЗ» дейди Өзбекстан Республикасы «Өнермент» бирлеспесиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы Нарыгул Нағметова

– Нарыгул Хожабаевна, биз бурыннан сизди жеке өнермент сыпатында жақсы билетуғын едик. Мине бүгин усы тармақтың республикалық басқармасы баслығы сыпатында көрип отырмыз. Бириншиден, сизди усы лаўазым менен қутлықлаймыз…

– Рахмет.

– Айтыңызшы, әпиўайы өнерменттиң усы аралықты басып өтемен дегенге шекемги жолы қыйын болды ма?

– Өнерментшилик пенен көптен шуғылланаман. Көплеген таңлаўларға қатнастым, жеңимпаз болдым. Көплеп шәкиртлер таярладым. Әлбетте, аңсат болды дей алмайман. Ҳәр бир кәсиптиң өзине жараса қыйыншылықлары болады. Бирақ бизиң халкымыздың «еринбеген етикши болады» деген даналық гәпи мәзи айтылмаған ғой. Излендим, умтылдым. Оның үстине, республика басшылығы да усындай шешимге келип, исеним билдирип отыр…

– Сизиң ойыңызша, республикада өнерментшиликти раўажландырыў ушын нелер ислениўи тийис, анығырағы сиз жумысты неден баслап атырсыз?

– Жоқарыда айтқанымдай, бизге республика басшылығы исеним билдиргеннен кейин иске қулшынып кирисип кеттик. Ҳәзирдиң өзинде барлық районлардағы өнерментлеримиздиң жағдайлары менен танысып шықтық. Жақында республика Ҳүкимети басшысы тәрепинен район ҳәм қала ҳәкимлерине өнертментшиликти раўажландырыўға айырықша итибар қаратыў бойынша айқын тапсырмалар берилди. Бул бизге және де күш қуўат бағышлады. Бизди қоллап-қуўатлап атырғанынан қуўанышлымыз. Биз - өнерментлер бундай ғамхорлыққа ис пенен жуўап қайтарыўға ҳәрекет етемиз.
Республикамыз бойынша өнерментлеримиз жүдә көп. Бирақ оларды «Өнермент» бирлеспесине тартыў, ағза етиў мәселесине айырықша итибар қаратамыз, яғный биринши гезекте қатарымызды көбейтип алмақшымыз.

– Өнерментшилик пенен шуғылланыўшылардың қатары ҳақыйқатында да көп пе?

– Соңғы мағлыўматларға қарағанда республика бойынша 1,5 мыңға шамалас өнрментлер бар. Бирақ бүгинги күни соллардың 300 ге шамаласы ғана рәсмий түрде есаптан өтип ислеп атыр. Оның түрли себеплери бар, әлбетте. Биз мине усы жағдайларды үйренип шығып, түсиник жумысларын алып барыў арқалы қалған өнерментлерди де қатарымызға тартып, жумысларды жетилистирмекшимиз. Бул болса, өз гезегинде, қосымша жумыс орынлары ашыларын аңлатады.

– Кеширерсиз, жумысларды жетилистириў дегенде нелерди түсиниўимиз керек?

– Айтайық, өнерментлеримиз рәсмий түрде есаптан өтип ислесе қандай қолайлылықларға ҳәм жеңилликлерге ийе болатуғыны туўралы түсиниклер бермекшимиз. Олардың өзлери ислеп шығарған өнимлерин сатыўға, реклама етиўге жақыннан жәрдем беремиз. Ярмаркалар, көргизбелер шөлкемлестириў, базарлардан арнаўлы орын ажыратыў мәселелери әне усы жумыслар қатарына киреди. Сондай-ақ, өнерментлеримиздиң қолдан тоқылған, ислеп шығарған өнимлерин дүнья жүзине таныстырыў ҳәм оған қызығыўшылықты күшейтиў мақсетинде интернеттен арнаўлы веб-сайт (URL адреси: http://onerment.ucoz.net ) ашыўды жобаластырып отырмыз. Бул бизиң өнерментлеримиздиң дүнья базарларына кирип барыўына жақыннан жәрдемин тийгизеди деген үмитимиз бар.

– Тармақты раўажландырыў бойынша Президент пәрманлары ҳүкимет қарарлары қабыл етилген, айтыңызшы, сизге олардағы талапларды орынлаўға кимлер жәрдем берип атыр, кимлер кесент келтирмекте?

– Жоқарыда айтып өткенимдей бизди қолап-қуўатлаўшылардың қатары көп. Бирақ өзимизден де ҳәрекет болыўы керек екенлигин жақсы түсинемиз. Айтайық, орынлардағы салық инспекциялары хызметкерлери нызамсыз ҳәрекет етип атырғанларға ескертиўлер береди, жәриймалар салады. Олардың арасында өнерментлерде бар. Лекин, бул өнермент нызамсыз ҳәрекет етиўге болады дегени емес. Керисинше, олар өзлерине жаратып берилген қолайлылықлардан пайдаланып ҳәрекет етиўлери тийис. Бул ҳәр тәреплеме қолайлы ҳәм пайдалы.
Соны да айтып кетиўимиз керек, бул орында бизге салық инспекциялары хызметкерлери жақыннан жәрдем бермекте. Әсиресе, Нөкис, Тақыятас қалалары, Шымбай районы мәмлекетлик салық инспекциясындағылар туўралы айырықша тоқтап өтпекшимен. Ол жердеги қанигелер өз ўазыйпаларына жуўапкершилик пенен қатнас жасаў менен бирге ҳәрекеттеги нызамлар, Президент пәрманлары, ҳүкимет қарарларынан жақсы хабардарлығында көриўимиз мүмкин.Олар биз бенен тығыз бирге ислесиўге ҳәрекет етип атыр. Сол ушын да, оларға шын жүректен миннетдаршылық билдирмекшимен.
Ал айырым жағдайларда ҳәкимиятларда ислейтуғын базы бир хызметкерлер бизге жақыннан жәрдем бериўге асықпай атыр. Оларға ҳәр қыйлы орынсыз талаплар қойып, қандайда бир жыйынлардың алдында көргизбелер шөлкемлестириўди тапсырып, ўақытларын алмақта. Мен өнермент сыпатында көзабаға исленетуғын жумысларға қарсыман. Оларға халқымыздың, миллетимиздиң жүзин көрсететуғын, миллийлигин дүньяға танытатуғын өнимлер ислеп шығарыўға мүмкиншиликлер жаратып бериў керек деп ойлайман.

Бухарбай Тилеўмуратов,
арнаўлы хабаршымыз.

Просмотров: 1280 | Добавил: Erkin | Рейтинг: 0.0/0
Всего комментариев: 0
Имя *:
Email *:
Код *:
Излеў

Календарь
«  Август 2011  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
1234567
891011121314
15161718192021
22232425262728
293031

Архив

Сыбайлас сайтлар
  • Қарақалпақстан музейи менен танысың
  • Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң веб-сайты
  • Қарақалпақстандағы оқыў орынларының бири
  • Кеўил ашар
  • Рунеттеги сайтлар
  • Қарақалпақстан жаңалықлары

  • Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары. Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
    Copyright MyCorp © 2024