Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана Пийшемби, 28.03.2024, 17:25
Хош келипсиз Гость | RSS
Сайт мазмуны

Мини-чат

Бизиң сораўлар
Сайтымызға баҳа бериң
Барлық жуўаплар: 44

Статистика

Онлайнда: 1
Мийманлар: 1
Пaйдаланыўшылар: 0

Кириў усылы

Главная » 2011 » Сентябрь » 5 » МЕКТЕПТЕГИ ҚОС БАЙРАМ
17:33
МЕКТЕПТЕГИ ҚОС БАЙРАМ
Шоманай районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы 17-санлы улыўма билим бериў мектеби республикамыздағы басқа мектеплерден оншелли парық қылмайды. Кең ҳәм жақтылы ханаларға ийе бул мектеп имараты «2004-2005-жылларда мектеп билимлендириўин раўажландырыўдың Мәмлекетлик улыўма миллий бағдарламасы» тийкарында қайта реконструкцияланып, заманагөй оқыў ҳәм спорт инвентарьлары менен толық тәмийинленген. Усы билим дәргайында райондағы «Бердибай аўыл» пуқаралар жыйыны аймағында жасайтуғын турғынлардың ул-қызлары тәлим алады.

«Дәўлетлиниң қос қонағы бир келеди» дегениндей, жақында мектеп жәмәәти қос байрам қушағына енди. Бириншиден, бул жерде ең уллы, ең әзиз байрамымыз болған Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 20 жыллығы кең түрде нышанланған болса, екиншиден, усы мектепти 1990-1991-оқыў жылында питкерген оқыўшылардың жигирма жылдан кейинги ушырасыў кешеси шөлкемлестирилди. Қурылысы әйне усы оқыў жылы алдынан тамамланып, пайдаланыўға тапсырылған бул мектептиң дәслепки питкериўшилери ретинде өмирге жоллама алған жаслар өзлери ушын қәдирли болған дәргайға жыйналысып, алтынға бергисиз балалық ҳәм оқыўшылық дәўириниң умытылмас демлерин ядқа түсирди.

Ушырасыўды мектеп директоры Қутлыбийке Қайыпова кирис сөз бенен ашып, жыйналғанларды мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң ҳәм кеше қаҳарманларының мектепти питкергенлигиниң жигирма жыллық даңқлы сәнелери менен қызғын қутлықлады. Буннан соң питкериўшилердиң дәслепки устазы Бағдагүл Аманиязова ҳәм класс басшысы Сәдетулла Әжимуратов, ветеран устазлар ­ Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген муғаллим Төребай Қурбанов, Қудайберген Бегманов, Қулмурат Айбергенов ҳәм басқалар сөзге шығып, өзлериниң жыллы тилеклерин билдирди ҳәм ғәрезсизлик жылларында мектеп билимлендириўине үлкен итибар берилип атырғанлығын айрықша атап өтти.

1991-жылы мектепти 21 жас тамамлаған болса, олардың көпшилиги жоқары ҳәм орта арнаўлы оқыў орынларын питкерип, ғәрезсизлик жылларында елимиздиң экономикалық қүдиретин беккемлеўге үлес қосыў мақсетинде халық хожалығының түрли тараўларында жемисли мийнет етип атыр. Өткен ўақыт даўамында олардың биразы бир-бирин көрип жүргени менен айырымларының, әсиресе, қызлардың жигирма жылдан соң туңғыш мәрте дийдарласып атырғаны ушырасыў даўамында тастыйықланды. Жыллар дизбеги олардың сыртқы пишимин бираз өзгерткен болса да кеўли, ишки дүньясы еле сол баяғы қәлпинде сыяқлы. Узақ жылдан соң қайта көрискен классласлар бир-бириниң дийдарына тоймай, тынбастан сәўбетлесер еди. Ҳақыйқатында да, инсан баласы өмир сүриў барысында жаңадан дос, таныс-билис арттырады. Лекин, жаңа еки достан ески бир достың абзал болғанындай, ҳеш бир нәрсе балалықта тырнағы салынған дослыққа жетпесе керек. Биз сөз етип отырған ушырасыў кешеси бул шынлықты және бир мәрте дәлилледи.

­ Бизлердиң мектепти питкерген жылымыз елимизде ғәрезсизлик самалы есе баслаған дәўирге сәйкес келгенлиги менен де қәдирли, ­ дейди бурынғы питкериўши Өсербай Сейтниязов. ­ Ҳәр биримиздиң жеке турмысымызда жүз берген жаңалықларды мәмлекетимиздеги уллы өзгерислер менен байланыстырсам қәте болмаса керек. Неге дегенде, биз үлкен өмирге қәдем таслағанлы берли ғәрезсизлик ҳаўасынан дем алып, алдымызға қойған мақсетлеримизге избе-из түрде ерисип келмектемиз. Классласларымыз бенен қайта дийдарластырған бүгинги ушырасыў кешесин болса әйне усы өзгерислер ҳәм мақсетлер менен байланыстырғым келеди...

Ушырасыў кешеси барысында бурынғы питкериўшилер өзлериниң қәдирли мектебине ҳәм устазларына байрам саўғаларын инам етип, олардың ҳүрметине дастурхан жайды. Әпиўайы аўыл мектебинде шөлкемлестирилген бул қос байрам саз-сәўбет пенен даўам етти.

С.ЖАНИЕВ,
арнаўлы хабаршымыз.
Шоманай районы.

СҮЎРЕТТЕ: Мектепти жигирма жыл бурын питкерген жаслар өз устазлары менен


Просмотров: 1086 | Добавил: Erkin | Рейтинг: 0.0/0
Всего комментариев: 0
Имя *:
Email *:
Код *:
Излеў

Календарь
«  Сентябрь 2011  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
   1234
567891011
12131415161718
19202122232425
2627282930

Архив

Сыбайлас сайтлар
  • Қарақалпақстан музейи менен танысың
  • Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң веб-сайты
  • Қарақалпақстандағы оқыў орынларының бири
  • Кеўил ашар
  • Рунеттеги сайтлар
  • Қарақалпақстан жаңалықлары

  • Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары. Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
    Copyright MyCorp © 2024