Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана Шемби, 20.04.2024, 04:38
Хош келипсиз Гость | RSS
Сайт мазмуны

Мини-чат

Бизиң сораўлар
Сайтымызға баҳа бериң
Барлық жуўаплар: 44

Статистика

Онлайнда: 1
Мийманлар: 1
Пaйдаланыўшылар: 0

Кириў усылы

Главная » 2012 » Январь » 4 » МЕҲИР-МҮРИЎБЕТ ҮЛГИСИ
09:50
МЕҲИР-МҮРИЎБЕТ ҮЛГИСИ
АПАТ АЙТЫП КЕЛМЕЙДИ ЕКЕН...
“Ағайинниң, достың, қоңсыңның ким екенлиги бир жақсы күниңде, бир жаман күниңде билинеди” деген ҳақыйқат гәп екен. Жақында пайтахтымыздың Гөне қала аймағында жасаўшы Мендиғалиевлер шаңарағына келген апатшылық олардың қоңсыларын тик аяққа турғызды.
Үлкен перзентлерин отаў тигип дөгерегине басқа шығарып, еки келинди қоса жумсап, етеги ақлықларға толған Қурбангүл апаның үлкен шаңарағы Шыпабағыш көшесиндеги қатықтай уйып отырған татыў шаңарақлардың бири еди. Шаңарағына ийелик етип қалған Омар да, оның келиншеги Замира да көшесинде абырайлы, үлкен-кишиниң сый-ҳүрметин жайына қоятуғын инсанлар.
“Апат айтып келмейди” деген дурыс екен, күпә-күндиз олардың үйине от тийип, шаңарағы ортасына түсти. Онлаған арнаўлы машиналарда келген өрт өшириўшилер от пенен қанша айқасқан менен илаж ете алмады. Бул үйден ҳеш нәрсени аман алып қалыўдың итималы болмады. Лаўлаған жалын еки қапталындағы үйлерге өткендеги аўҳал жүдә қорқынышлы еди...
Көше турғынларының аўызбиршилиги сонда билинди. Баладан шағаға дейин қолына илинген ыдыс пенен суў тасып, кими қапталдағы үйлердиң затларын көшеге ылақтырып, кими аяқтың астында қалған балаларын баўырлап, қолларынан келген жәрдемлерин аянған жоқ. Өрт өшириўшилерге қосыла, үйлерди жалмап баратырған жалын менен айқасты. Өрт аяп отырған жоқ, қапталдағы еки үйдиң де тең ярымын ала кетти.
Үлкен бир шаңарақ, өмиринше жыйналған дәске бир сааттың ишинде күлге айланды. Жаның аман болса, дүнья басқа жыйналады деймиз. Бирақ, қыраўлы күнлер, шымыры аяз басланып атырған ҳәзирги ўақытта үй толы жанның далада қалыўы аңсат болмады. Бас аман, шаңарағың пүтин ўақытта ҳеш нәрсениң қәдирин билмейсең. Айырым гезлерде дөгерегимиздегилерди бийпарқлықта, меҳир-мүриўбетиниң азайып баратырғанлығында, көмешине күл тартыўшылардың көбейип атырғанлығында айыплаймыз. Анығында жүдә олай емес екен, тек үстиндеги кийимлери менен ғана қалған Меңдиғалиевлер шаңарағына халықтың меҳир-мүриўбети көрсетилип атыр.
— Кеўил кең болса, шаңарақтың үстине шаңарақ та сыйып кете берер екен,-дейди усы көшениң турғыны Гүлчеҳра Орыналиева. — Қоңсымыз, онлаған жылдан берли төсекте жатырған Әбдиўалий аға менен оның зайыбы Қансулыў апалардың кисиге қол жаўғандай шамасы бар деп ойламайтуғын едик. Сол күни-ақ Қурбангүл апаны бала-шағалары менен үйине алдыртып, үлкен залын босатып берди. Мениң де күйеўим қайтыс болған еди. Қоңсыларымның ҳәзирги жағдайы көшелеслеримиздиң ҳешқайсысын бийпарқ қалдырып атырған жоқ. Бүлинип жасаймыз десе мен де бөлмелеримнен босатып қойғанлығымды айтып барып киятырман.
— “Қоңсың аман-сен аман” деген дурыс гәп екен,-дейди Қурбангүл апаларға хожалық буйымларын апарып, пәтиясын алып киятырған Арыўхан Турекеева. — Ҳеш бир қоңсы, ағайин-туўған өрттен жәбир көргенлерге жәрдемнен сыртта қалып атырған жоқ. Ким көрпе-төсек, ким қасық-табақ, шайнек-кесе алып келип атыр. Көшемиздиң жасы үлкени Баймухан ата менен Аллаярдың шаңарағы да жәбир көргенлерге бириншилерден болып жәрдем қолларын созды. Усыларды көрип, меҳир-муҳаббат деген усындай-ақ болар деймен.
Жәрдемниң үлкенин Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы көрсетип атыр. Үй ийеси усы басқармада ислейди. Басқарма баслығы Қәллибек Жийемуратовтың басшылығында пүткил жәмәәти жәрдемге келди. Қоңсылар менен қосыла еки күнниң ишинде күлге айланған жайдың шығындыларының бәрин қаладан сыртқа тасыттырып, дийўалының гербишлерин бузып тақлап, имаратты қайта сала беретуғын етип кетти. Өрттен жәбир көргенлерге көрсетилип атырған бул жәрдемлер халқымыздағы аўызбиршиликтиң күшли екенин, қанында бар меҳир-мүриўбет жоғалмайтуғынын және бир мәрте көрсетти.
Ал, шаңарақ ийелери Омар, Оспан, Патима Мендиғалиевлердиң, әсиресе, Қурбангүл апаның жәрдем қолларын созып атырған халайыққа айтар алғыслары шексиз. “От -ораз”, ҳәммесиниң де орны толып, жараларды ўақыт емлеп жибереди. Бул турмыста сыналған ҳақыйқатлық.


П.ХОЖАМУРАТОВА.

Просмотров: 1420 | Добавил: Erkin | Рейтинг: 0.0/0
Всего комментариев: 1
1 Puspendra  
0
Felt so hopeless looking for answers to my qun.tions..suetil now.

Имя *:
Email *:
Код *:
Излеў

Календарь
«  Январь 2012  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
      1
2345678
9101112131415
16171819202122
23242526272829
3031

Архив

Сыбайлас сайтлар
  • Қарақалпақстан музейи менен танысың
  • Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң веб-сайты
  • Қарақалпақстандағы оқыў орынларының бири
  • Кеўил ашар
  • Рунеттеги сайтлар
  • Қарақалпақстан жаңалықлары

  • Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары. Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
    Copyright MyCorp © 2024