Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана Пийшемби, 25.04.2024, 19:13
Хош келипсиз Гость | RSS
Сайт мазмуны

Мини-чат

Бизиң сораўлар
Сайтымызға баҳа бериң
Барлық жуўаплар: 44

Статистика

Онлайнда: 1
Мийманлар: 1
Пaйдаланыўшылар: 0

Кириў усылы

Главная » 2012 » Январь » 4 » Мақала
09:44
Мақала
ӨЗБЕКСТАН ТЕМИРЖОЛЛАРЫ ­ҒӘРЕЗСИЗЛИК ЖЫЛЛАРЫНДА
ЯМАСА ОЛАРДЫҢ МАТЕРИАЛЛЫҚ-ТЕХНИКАЛЫҚ БАЗАСЫ БЕККЕМЛЕНИП БАРМАҚТА
Уллы Жипек жолы өткен мәмлекетимиз әййемги заманлардан берли Орайлық Азияда әҳмийетли геостратегиялық орын ийелеп келди ҳәм ҳәзир де солай. Әзелден саўда жоллары өткен ҳәм кесискен, түрли цивилизациялар ортасында өз-ара нәтийжели бирге ислесиў қәлиплескен. Шығыс ҳәм Батыста, Қубла ҳәм Арқаны магистрал жоллар арқалы тутастырған Өзбекстан бүгин де үлкен транспорт коммуникация ҳәм транзит потенциалына ийе. Өзбекстан ҳүкимети тәрепинен Өзбекстан темиржоллары тармағын модернизациялаў бойынша 2013-жылға дейинги дәўирди өз ишине алған модернизация бағдарламасы қабыл етилди. Бул поездлар паркин жаңалаў, жолларды қайта тиклеў, қәнигелескен санаат кәрханаларын реконструкциялаў, модернизациялаў сыяқлы ис-илажларынан ибарат.
­Ғәрезсизликтиң шарапаты менен компания санаат кәрханаларында өндиристи, бар техникаларды модернизациялаў ҳәм усы арқалы олардан пайдаланыў мүддетин созыў сыяқлы кең көлемли ислер әмелге асырылды. 2002-жылы Әндижан механика заводында вагон-цистерналарды таярлаўға кирисилген болса, арадан бир жыл өтип, ­ғәрезсиз Мәмлекетлер Дослық аўқамында үшинши болып усындай вагонларды ислеп шығарыўға гүўалық алынды. Соңынан компания кәрханалары үсти жабық, ярым вагон ҳәм вагон-хоппер ҳәм түрли маркадағы цистерналарды ислеп шығарыў ушын халықаралық сертификатларға ийе болды.
­Ғәрезсизлик жылларында "Ўзбекистон темирйўллари” мәмлекетлик акционерлик компаниясы санаат кәрханаларында 878 жүк вагоны исленди, 3620 жүк вагоны заманагөйлестирилди.
Ең әҳмийетлиси, Өзбекстан аўыр машина қурылыс санаатының және бир табысы "UZTE16M2” тепловозының ислеп шығарылыўы болып табылады. Қысқа мүддетте модернизациялаў шеңберинде 90 локомотив секциясы заманагөйлестирилип, ең қыйын рельфли ҳәм санааты тығыз жайласқан аймақларға жиберилди. Соны айрықша атап өтиў керек, 90 локомотив пүткиллей жаңа дизель ҳәм запаслар менен қайта үскенеленди. Олардың ҳәр бири 3 мың ат күшине ийе.
Усындай материаллық-техникалық базаны беккемлеў жумыслары "Ўзбекистон темирйўллари” мәмлекетлик акционерлик компаниясына қараслы Қоңырат локомотив депосында да әмелге асырылып атыр. Атап айтқанда, компания тәрепинен усы жыл 24-апрельде Россия Федерациясындағы АОА "Коломен” заводында ислеп шығылған ТЭП70БС-140 маркалы тепловоз алып келинди. Бул тепловоз ҳәзирги ўақытта "Мискин — Қоңырат — Каракалпакия” жөнелисиндеги жолаўшы поездларда ислеп атыр.
Сондай-ақ, Ташкент қаласындағы УП "Ўзтемирйўлмаштаъмир” заводы тәрепинен ислеп шығарылған
"UZTE16M2-025”, "UZTE26M2-026”, "UZTE16M2-028”, "UZTE16M2-030” "UZTE16M2-031” маркалы поездлары алып келинди. Олардың ҳәр бири 4412 ат күшине ийе. Бул тепловозлардың барлығы "Мискин — Нөкис — Қоңырат — Жаслық — Каракалпакия” жөнелислеринде жолаўшы поездлары менен ҳәрекет етип тур.
Қоңырат локомотив депосының материаллық-техникалық базасын беккемлеўдеги бул бағдардағы жумыслар алдағы ўақытлары да даўам етеди. Булардың барлығы ғәрезсизликтиң шарапатында әмелге асырылып атырғанын атап өтип, жолаўшылардың алғысына бөленбекте.


К.БЕГДУЛЛАЕВ.
Просмотров: 1663 | Добавил: Erkin | Рейтинг: 0.0/0
Всего комментариев: 0
Имя *:
Email *:
Код *:
Излеў

Календарь
«  Январь 2012  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
      1
2345678
9101112131415
16171819202122
23242526272829
3031

Архив

Сыбайлас сайтлар
  • Қарақалпақстан музейи менен танысың
  • Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң веб-сайты
  • Қарақалпақстандағы оқыў орынларының бири
  • Кеўил ашар
  • Рунеттеги сайтлар
  • Қарақалпақстан жаңалықлары

  • Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары. Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
    Copyright MyCorp © 2024