Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана Пийшемби, 25.04.2024, 15:26
Хош келипсиз Гость | RSS
Сайт мазмуны

Мини-чат

Бизиң сораўлар
Сайтымызға баҳа бериң
Барлық жуўаплар: 44

Статистика

Онлайнда: 1
Мийманлар: 1
Пaйдаланыўшылар: 0

Кириў усылы

Главная » 2011 » Декабрь » 14 » Мақала
14:45
Мақала
ИЗЛЕНГЕН ИМКАН ТАБАДЫ
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийеттиң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик қорының қаржыларын басқарыў бойынша парламентлик комиссияның гезектеги мәжилисинде республикалық грант таңлаўының жеңимпазлары жәрияланды.
Жақында хорезмли ҳәм қарақалпақстанлы жеңимпазларға грантлардың ажыратылыўы ҳаққындағы сертификатлар салтанатлы жағдайда тапсырылды. Олардың арасында Қарақалпақстаннан Өзбекстан Көзи Әззилер жәмийети, Қарақалпақстан Республикасы Исбилермен ҳаял-қызлар ассоциациясы, Қарақалпақстан Республикасы Саўда-санаат палатасы тәрепинен жазылған грант жойбарлары да бар.
Биз грант жеңимпазларының тийкарғы мақсетлери менен ортақластық.
Октябрь Доспанов - Өзбекстан Көзи Әззилер жәмийетиниң Қарақалпақстан республикалық басқармасы баслығының орынбасары: - Республикамызда көзи әззи балалардың мектеп-интернаты бар. Бирақ, олардың Брайль системасында жазылған сабақлықлар менен тәмийинлениўинде машқалалар пайда болып атыр еди. Бундай китаплар жүдә аз, барлары да гөнерген ҳәм бүгинги күн талабына жуўап берерлик дәрежеде емес. Бул машқаланы жеңиллетиўдиң жолларын қарастырдық ҳәм жазылған грант жойбарымыз мақсетке муўапық деп табылды. Бул арқалы көзи әззи балаларымыздың талап дәрежесинде билим алыўына үлес қосамыз деген нийеттемиз.
Қәллигүл Тәңирбергенова - Қарақалпақстан Републикасы Исбилермен ҳаял-қызлар ассоциациясы баслығы: - Бул бизиң ассоциациямыз тәрепинен жеңип алынған екинши грантымыз. Грант жазыў ҳәм бул бойынша жумыс ислеўде бираз тәжирийбе арттырып, елимизге аз да болса пайда келтирип атырмыз деп ойлайман. Быйыл жеңип алған грантымыз бойынша тийкарынан Нөкис қаласы аймағында жумыс алып барамыз. Мақсетимиз - майып жасларға өнер үйретиў ҳәм жәмийетке пайдалы жумысларға тартыў. Усы мақсетте қала аймағында жасаўшы ақылый раўажланыўдан сәл артта қалып киятырған 20-30 қызды жыйнап жумыс баслаў жобаластырылған. Оларға өнер үйретиў менен бирге киши бизнес ҳәм исбилерменлик әлипбелеринен де сабақ бериўди нийет етип отырмыз. Грант алты айға мөлшерленген. Буннан кейин де бул қайырлы ислер даўам етиледи.
Расул Зарекеев - Қарақалпақстан Республикасы Саўда-санаат палатасы басқармасының бөлим баслығы: - Исбилерменлердиң ҳуқықый саўатлылығын асырыў бүгинги күнниң талабына айланып отыр. Исбилерменликке, киши бизнеске интасы бар жаслар ҳәм исбилерменлер арасында турақлы алып барылатуғын оқыўлар, семинарлар шөлкемлестириў, бул ушын керекли болған заманагөй техникаларға ийе болыў ҳәм имканиятлар жаратыў ушын грант қаржылары жүдә зәрүр еди. Биз бул бағдардағы жумысларымызды республика көлеминде алып барып, дәслеп 40 исбилерменди оқытыўды нәзерде тутып отырмыз. Соңынан бул ис турақлы даўам етеди ҳәм бул бағдардағы жумысларымыз елимиз исбилерменлериниң өз ҳуқықларын билип ҳәрекет етиўи, миннет ҳәм ўазыйпаларына итибарлы болыўы, ҳақыйқый исбилермен болып шығыўында үлкен жәрдем көрсетеди деп ойлайман.
Елге пайдалы ислерге грантлар ажыратыў, жумысларын баслаўға, кеңейтиўге мәмлекет тәрепинен кредитлер берилиўи, исбилерменлик тараўына уқыбы барларды оқытыў, үйретиў, тийисли ҳўжжетлерин дүзиўге жәрдем етиў, айта берсең, ислеймен деп умтылған адамға имканиятлар баршылық. Буның ушын инта, умтылыс керек. Бул сөзимизге жоқарыда айтқан грант жеңимпазларының ҳәрекетлери де дәлил бола алады. Изленген ҳәрқашан имкан табады.


П.ХОЖАМУРАТОВА.
Просмотров: 1577 | Добавил: Erkin | Рейтинг: 0.0/0
Всего комментариев: 0
Имя *:
Email *:
Код *:
Излеў

Календарь
«  Декабрь 2011  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
   1234
567891011
12131415161718
19202122232425
262728293031

Архив

Сыбайлас сайтлар
  • Қарақалпақстан музейи менен танысың
  • Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң веб-сайты
  • Қарақалпақстандағы оқыў орынларының бири
  • Кеўил ашар
  • Рунеттеги сайтлар
  • Қарақалпақстан жаңалықлары

  • Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары. Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
    Copyright MyCorp © 2024