Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана Жума, 29.03.2024, 13:32
Хош келипсиз Гость | RSS
Сайт мазмуны

Мини-чат

Бизиң сораўлар
Сайтымызға баҳа бериң
Барлық жуўаплар: 44

Статистика

Онлайнда: 1
Мийманлар: 1
Пaйдаланыўшылар: 0

Кириў усылы

Главная » 2011 » Сентябрь » 5 » ҚӘДЕМИ ҚУТЛЫ, МӘНЗИЛИ УЗАҚ КӘРЎАН
17:28
ҚӘДЕМИ ҚУТЛЫ, МӘНЗИЛИ УЗАҚ КӘРЎАН
                            ПУБЛИЦИСТИКА

Өткен ата-бабаларымыз әсирлер даўамында "Елиў жылда — ел жаңа” деген нақыл менен жасап кетти. Жаңа өспирим жигит болып, бул нақыл мазмунына мәни бере баслаған ўақтымыз — өткен әсирдиң алпысыншы жылларының басы еди. Ол заманда елиў деген ер адамның орташа жасы. Енди ғана қырықтан өтип жүргенлердиң сақаллары бел буўарына түсип, мерекелерде ғаррылар топарында отыратуғын еди. Сонда бизлер: "Ел, ҳәр елиў жылда жаңаланатуғын болса, оның рәҳәтин ким көреди?” деген ойларға берилгенбиз.

Бүгин, Өзбекстанның ғәрезсизликке ерисип, азат ҳәм абат Ўатан, еркин ҳәм демократиялық мәмлекет қурыў жолына түскенине 20 жыл толды. Усы уллы байрам күни нақ 20 ға толған нәўқыран жасқа елдиң енди неше жылда жаңаланыўы ҳаққындағы нақылдың зәрүрлиги болмай қалды. Ол, өз өмириниң тек соңғы, саналы он жылы ишинде ғана пайда болған таңқаларлық өзгерислер ишинде камалға келди. Мектеп партасы ҳәм жоқарғы оқыў орнының аудиторияларында өтилип атырған тарийх пәнинен өз халқының өтмиши ҳаққында оқып, оның бүгинги пайда болып атырған жаңалықлары менен салыстырыў мүмкиншилигине ийе.

Ол, елимиздиң 20 жыллық уллы мерекесине саррас бир ҳәпте қалғанда, Өзбекстан ҳәм Қубла Корея тәрепинен иске асырылып атырған газ-химия комплексиниң басланыўы бойынша Ташкентте "Өзэкспоорай”дағы илаж қатнасыўшылары менен исбилермен топар ўәкиллери және қәнигелер арасында орнатылған тиккелей телевизиялық видео байланысты көрди.

Экранда: "Өзбекстан Республикасы Президенти Ислам Кәримов ҳәм Корея Республикасы Президенти Ли Мен Бактиң басламасы менен 2011-жыл 24-август күни сүргил кәни негизинде Үстирт газ-химия комплексиниң ирге тасы қо¬йылды”, деген жазыўды оқығанда, жас жүреги толқып кетти. Ал, Президентлердиң шығып сөйлеўлеринен: "Үстирт газ-химия комплекси иске түскеннен кейин, жылына 400 мың тонна полиэтилен ҳәм 100 мың тонна полипропилен ислеп шығарылады. БУЛ ЖОЙБАРДЫҢ ӘМЕЛГЕ АСЫРЫЛЫЎЫ МЕНЕН ҚАРАҚАЛПАҚСТАНДА ҒӘРЕЗСИЗ МӘМЛЕКЕТЛЕР ДОСЛЫҚ АЎҚАМЫНДАҒЫ УСЫ САЛАДАҒЫ ЕҢ ҮЛКЕН КОМПЛЕКС БОЙ ТИКЛЕЙДИ” деген сөзлерди еситип, жасап атырған Ўатаны ҳәм Президенти ҳаққында және де жүректи кернеген мақтаныш сезимлери пайда болды.

— Өзбекстан ғәрезсиз ел болды!, -деп дағазаланған күни қутлы алпыс жасын нышанлаған ағаларымның: "Әттең, сәл ертерек туўылыппыз да, бул еркин өмир, азат елдиң гүлленген шақтағы қызығы кейнимиздегилерге несип етсин”, деп қайысып сөйлегенлери есимде. Олар, бүгин мүбәрек сексен жаста ана-Ўатанының 20 жыллық қысқа ўақытта усындай дәрежеде мәртебели ел болғанын көрип, Яратқан ийемизге мың қәтле шүкираналық билдирмекте. Олар, елдиң узақты болжайтуғын ҳақыйқый Журтбасшысы болса, халық үлкен аўызбиршилик пенен уллы нийетлерге атланып, парахатшылықты тәмийинлесе, елиў емес, 20 жылдың өзинде де мәртебеси бәлент, дәўлетли елге айланатуғынының гүўасы болмақта.

Бул жыллар ишинде, көз алдымызда санаат түп-тамырынан жаңаланып, ғалаба реконструкцияланып атыр. Ана зәмин топырағынан түрли қурылыс материаллары ислеп шығарылмақта. Бағыў-ҳәрем, егислик майданлар меншикке айланды, жер дийқанға тапсырылды. Ҳаўа, суў ҳәм жердеги жол қатнаслары узынына, енине кеңейтилип, дүнья жүзилик гүзар жоллар менен тутаспақта.

Тек соңғы бес-алты жыл ишинде республикамызда ҳәзирги ислеп турған 750 ге жақын барлық мектеп, жүзден аслам лицей ҳәм колледжлер пайтахтымыз Нөкистен баслап, елдиң ең түпкириндеги аўылларда да өзлериниң әжайып архитектурасы ҳәм ең заманагөй безелген көринислери менен елге шырай қоспақта.

Қала ҳәм район орайларында өзлериниң жеке меншик имаратларын архитектураның классикалық ҳәм заманагөй үлгисинде салып атырған исбилерменлер, аўылды қалаға теңлестириў мақсетинде фермерлер ушын салынып атырған үлгили үй-жайлар, улыўмахалықлық пайдаланыўға арнап салынып атырған жәмийетлик орынларымызға "Кәрўансарай”, "Самарқанд”, "Бухара”, "Империал”, "Версал” деген халықаралық атамалар бериў, орайлық көшелердиң еки бойын жаңа типтеги саўда-сатық орынлары менен байытыў, ҳәр бир кәрхана ямаса мЎкеме имаратларын күннен-күнге гөззал шырай енип баратырған қала архитектурасына сай етип салыныўлары елдиң ғурғынласып, оның мәденияты менен социаллық дәрежесиниң артып баратырғанының белгиси.

—Пайтахтымыздағы "Орайлық базар”дың реконструкциясы неге өзгере береди? -деп сорайды, қоңсы жасы үлкенлеримиздиң бири.

—Ўақыт зуўлап тез алға баратыр, -деймен оған. — Базарды күнниң талабына ылайық етип кеңейтиў, адамларға қолайлы ҳәм гөззал мәканға айландырыў ушын тынымсыз ҳәрекетте болмасаң, артта қалып қоясаң.

Ҳәзир мәкеме басшылары кеңсе әтирапын гүллентиў, ал пуқараларымыз үй алдыларын нурландырыў ушын бизде жоқ шырайлы гүллердиң, декоратив ағашлардың нәллерин әкелип атыр. Есигиниң алдына сән берип, қайта ислеп атыр. Күнделикли өмирине социаллық ҳәм санитариялық мәденияттың жоқары үлгилерин енгизип, денсаўлығын беккемлеў ҳәм узақ жасаўдың сырларын меңгерип атыр. Булардың барлығы тамағы тоқлықтан кеўли пүтин, раўажланып баратырған елде ғана турақлы ҳәрекет етиўши процеске айланады. Халықтың дәрежесин көрсетеди.

Әсирлер даўамында, небир арзыў-әрманлық пенен ерискен ғәрезсизлигимиз де Ўатандай уллы, Ўатандай муқаддес. Яратқан ийемиздиң инаяты, Журтбасшымыздың мәртлик, табанлылық ҳәм алысты көрегенлиги нәтийжесинде ерисилген бул бахытлы тарийхый мәўритти көздиң қарашығындай асырап, оны беккемлеп барыўға ғалаба үлес қосыўымыз лазым.

Елимиздиң дәўлетин тастырып, дүнья жүзилик мәртебесин асырып атырған бирликли, ғәрезсизлик дегенниң уллы ғәниймет екенин терең түсинип, оны қәстерлеп атырған халқымызға 20 жыллық байрамы қутлы мүбәрек болсын!


Шарап УСНАТДИНОВ,
Қарақалпақстанға мийнети сиңген журналист

Просмотров: 1058 | Добавил: Erkin | Рейтинг: 0.0/0
Всего комментариев: 0
Имя *:
Email *:
Код *:
Излеў

Календарь
«  Сентябрь 2011  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
   1234
567891011
12131415161718
19202122232425
2627282930

Архив

Сыбайлас сайтлар
  • Қарақалпақстан музейи менен танысың
  • Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң веб-сайты
  • Қарақалпақстандағы оқыў орынларының бири
  • Кеўил ашар
  • Рунеттеги сайтлар
  • Қарақалпақстан жаңалықлары

  • Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары. Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
    Copyright MyCorp © 2024