Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана Жума, 19.04.2024, 10:24
Хош келипсиз Гость | RSS
Сайт мазмуны

Мини-чат

Бизиң сораўлар
Сайтымызға баҳа бериң
Барлық жуўаплар: 44

Статистика

Онлайнда: 1
Мийманлар: 1
Пaйдаланыўшылар: 0

Кириў усылы

Главная » 2011 » Август » 26 » ӘДЕБИЯТ — РУЎХЫЙ БАЙЛЫFЫМЫЗДЫҢ ӨЛШЕМИ
09:49
ӘДЕБИЯТ — РУЎХЫЙ БАЙЛЫFЫМЫЗДЫҢ ӨЛШЕМИ

Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының
баслығы Кеңесбай Каримов пенен сәўбет


- Журтшылықтан бир қәдем озық ойлы болыўы ти¬йис жазыўшы-шайырларымыз бүгинги күни қандай темалар үстинде ислеп атырғаны, олардың орталығы китап оқыўшылары болған бизди, әлбетте қызықтырады. Аўқам баслығы сыпатында бул жөнинде не айтасыз?

- Жазыўшы халқының ойы озық болыўы тийис, деген пикириңизге толық қосыламан. Билесиз бе, ғәрезсизлик жылларында халқымыздың санасында, жәмийетлик санада үлкен өзгерислер жүз берди. Бул демек, әдебиятымызда, соның ишинде, жазыўшыларымыздың дөретиўшилик жумысларында бурылыслар ҳәм өзгерислерге алып келиўи тийис еди ҳәм бул тәбийғый ҳалат сыпатында қабыл етилиўи дәркар. Әсиресе, бүгин пүткил халық Өзбекстан ғәрезсизлигиниң 20 жыллық байрамын кең түрде белгилеп атырған пайытта бул қубылысты атап өтиў жүдә орынлы. Себеби, арғы жағының тарийхы мың жыллықларда қәлиплесип, халқымыздың турмысы менен жақсы дәстүрлериниң элементлерин өз бойына сиңдирген халық аўызеки әдебияты, сондай-ақ, қарақалпақ әдебиятының классик шайырларының дөретпелеринен саға алған қарақалпақ әдебияты өткен дәўирде жетпис жылдан аслам ўақыт ишинде ҳүким сүрген бир режимниң идеологиясына хызмет етип келгени ҳешкимге сыр емес. Дурыс, ол пайытта да жазыўшы-шайырларымыз дөретиўден тоқтап қалған жоқ. Халқымыздың бай мәдений мийрасын, арзыў-әрманларын қәлемге алған талантлы ақсақал авторларымыз халқымызды көп еллерге танытты. Деген менен, талантлы ақсақалларымыз сол дәўирдиң, заманның шеклеўлеринен шыға алмай, ойларын емин-еркин айта алмай кеткен шығар-аў, деген пикир ойымызға келеди. Ал, жүрек етип сол заманның белгилеп берген шегарасынан шығып кеткен қарақалпақ әдебияты ўәкиллериниң атларын биз жақсы билемиз. Айтайық, дәслепки ағартыўшы шайыр-жазыўшыларымыз Сейфулғәбит Мәжитов, Қасым Әўезов, Избасар Фазылов, Нәжим Дәўқараевлар қандай гүналары ушын жәбир шекти? Олар елимиз, халқымыз, миллетимиз, әдебиятымыз жаман болсын, өзгелерден кем болсын деди ме? Ол зиялылар "жаңа заман, жаңа адам жаратамыз” деп жар салған руўхый кәмбағал болған желпәррик инқылабшыларға өз шығармалары арқалы бул елдиң, бул халықтың бай миллий мәденияты, халық дәстүрлери, турмыс тәризи бар екенлигин уқтырмақшы еди, болғаны. Сол ушын ол зиялылардың бири азап-ақыретлерге шыдамай түрмеде өзин-өзи өлтирди, басқа бири атып тасланды, тағы бири қуўдалаўлар қурбаны болды, бири болса өмириниң ең жақсы пайытларын алыс жақларда сүргинлер менен түрмелерде өткериўге мәжбүр болды.

Fәрезсизлигимиздиң бизге берген ең уллы сыйларының бири бул - еркинлик, шахс еркинлиги, сөз еркинлиги деп айтсақ орынлы болады, деп ойлайман. Өйткени, жоқарыдағы мысалда биз сөз ушын жәбир шеккенлердиң мүбәрек атларын келтирдик. Ал, адамзат тарийхында, әдебият тарийхында бундай мысаллар жүдә көп. Бүгин биз өзимиздиң ой-пикиримизди айтыўға, оны тарқатыўға, баспасөз, ғалаба хабар қураллары арқалы жәриялаўға ҳақылымыз. Ол ушын елимизде, қудайға шүкир, ҳешким қуўдаланбайды.

Жазыўшы-шайырларымыз бүгинги заманды, оның табысларын, реалистлик турмысты әдебий шынлық арқалы сәўлелендириўге кирисип кетти. Олардың шығармаларында миллий әдебиятымыздың ең жақсы дәстүрлерине садықлық, сөз етилген объектти жазыўшы көзқарасы менен баҳалаўда қалыслық көзге тасланып турады. Жазыўшылар аўқамының кеңеслерине келип түсип атырған, күнделикли баспасөзде басылып атырған шығармалар, сондай-ақ, баспалардан шығып атырған китапларды оқып, жазыўшыларымыз бенен шайырларымыз, әдебиятшы илимпазларымыздың еркин дөретиўшилик пенен бәнт болып атырғанының гүўасы болмақтамыз. Кимниң қайсы тема үстинде ислеп атырғанлығын болса, биз бенен сиз көп өтпей билип аламыз. Себеби, дөретиўши өз шығармасын биз бенен сиз ушын жазады. Солай екен, ол ерте ме, кеш пе, әлбетте, баспасөзде басылады.

- Әдебият майданында қәлем тербеткенлердиң ҳәммеси де мениңше, ҳәмийше қоллап-қуўатлаўға мүтәж. Бул бойынша исленип атырған жумыслар?

- Fәрезсизликке ерискен күнлеримизден баслап зиялыларға елимиз басшысы тәрепинен исленип атырған ғамқорлықты билип ҳәм сезип атырмыз. Өсип киятырған жасларымыздың билим алыўы, ҳәр таманлама жетилискен азаматлар болып ержетиўи ушын имканиятлар жаратылмақта. Соңғы жыллары жазыўшы қәўимине де дыққат-итибар күшейди. Fәрезсизлигимиздиң 20 жыллық мерекеси қарсаңында Жазыўшылар аўқамының имаратын оңлаў, материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша шешим қабылланған, оны иске асырыў илажлары исленбекте. Жазыўшыларымыз медициналық тексериўден өткизилип, емлеў орынларына бекитилди. Бир қатар кексе жастағы жазыўшыларымызға материаллық жәрдемлер көрсетилди. Ташкент қаласында жайласқан Жазыўшылар аўқамының "Дүрмен” дөретиўшилик үйи менен аўқамның поликлиникасы әдебиятшыларымыздың хызметинде. Жазыўшыларымызды қоллап-қуўатлайтуғын "Дөретиўшилик” қоры өз жумысларын баслаў алдында тур. Әдебиятымызда дөретилген ең жақсы шығармалар авторларын хошаметлеў мақсетинде Жазыўшылар аўқамы жанынан сыйлықлар шөлкемлестириў нийетиндемиз. әлбетте, бул ислер жазыўшыларымыздың жаңа көркем шығармалар үстинде ислеўине мүмкиншилик жаратады, деп ойлайман.

- Миллий мәдениятымызға, соның ишинде, музыка, қосық, әдебиятымызға жаны ашымайтуғын адам жоқ, десек те болады. Соңғы жылларда базылар "китабымыз шықпай атыр” десе, биразлары өз есабынан китапларын шығарып атыр. Олардың барлығы бүгинги китап оқыўшысының эстетикалық талғамына, тәрбиясына толық жуўап береди, ямаса төрт аяғын тең басқан әдебий шығарма деп айтыў қыйын. Күн тәртибинде турған бул мәселеге көзқарасыңыз?

- Сөз еркинлиги, пикир еркинлиги деген түсиник бар ҳәм ҳәр бир пуқара бул мүмкиншиликтен пайдаланыўға ҳақылы. Және "Шымшық сойса да қассап сойсын” деген ибара бар халқымызда. Бул демек, ҳәр исти устасы ислесин, дегени. Әдебиятқа, көркем өнерге талабан көп. Ҳәўес етип, жақсы нийетлер менен кимдур уйқастырып қосық жазады, кимдур еситкенлерин, көрген-билгенлерин қағазға түсирип баспаларға барады. "Баспа ҳаққында” Нызам тийкарында баспалар тәрепинен китаплар басып шығарылады. Соңынан барып китаптың әдебий көркемлик деген түсиниктен жырақ екенлиги, оқыўшылар талғамына жуўап бермейтуғынлығы белгили болып қалады. Бундай жағдайда, әлбетте, шыққан китаптың әдебий-көркемлик дәрежесине баспа редакторы да жуўапкер болады. Басылып шығатуғын әдебий шығармалардың көркемлиги, турмыслық қубылысларға жақынлығы, этикалық, эстетикалық талапларға жуўап бериўи мәселесине айрықша дыққат қаратамыз. Жазыўшылар аўқамы жанында ислейтуғын көркемлик кеңеслери жумыслары жанланып атыр. Бул жерде мен ойлайман, әдебиятымызда талғамсызлыққа, китап оқыўшыларымыздың дийдинен шықпайтуғын китаплардың китап текшелеримизге кирмеўи ушын гүрес ҳәр бир әдебиятшымыздың ўазыйпасы болыўы тийис.

- Кеширерсиз, бир сораўдың ийни келип тур. Сондай талғамсызлық пенен жазылған қосықларға намалар жазылып, тез-тез атқарылып, эфир арқалы берилип жүргенине не дейсиз?

- Бул да бар қубылыс. Тийкарғы себеби қосықшының ямаса қосыққа нама жазған шахстың сол тараўдың қәнигеси емес, ал, ҳәўескер ғана екенлигинде. Француз шайыры Буало айтқандай, нанбай нан жаўып, шыпакер адам емлесе барлығы кеўилдегидей болады. Бул жерде ҳешкимди кемситиў ойымыз жоқ, турмыс шынлығы солай. Ҳәўескер атқарыўшы ҳәм композитордың, ҳәм шайырдың ўазыйпасын қосып атқарыўды мойнына алса, әлбетте, оның жазған текстиниң бир қатары бағдан, ал, тағы бир қатары таўдан келеди. Бул мәселеде де Композиторлар аўқамы менен бирликте ислейтуғын ислеримиз баршылық...

- Жаслар - келешегимиз. Әдебиятымыздың келешеги де жасларға байланыслы. Бул мәселеге де азы-кем тоқталып өтсеңиз?

- Әлбетте, миллий әдебиятымыз, қарақалпақ әдебияты бүгинги әўлад пенен тамамланбайды. Келешекте Ибрайым Юсуповтай талантлы қарақалпақ шайырлары менен Төлепберген өайыпбергеновтай қарақалпақ прозаиклери өсип жетилиседи, деп исенемен. Олар бүгинги ҳәм келешек жас әўладлардың ишинен шығады. Fәрезсизлик жылларында жаслар арасында талантлыларды излеп табыў ҳәм оларды тәрбиялаўға үлкен дыққат қаратылмақта. Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының есиги әдебиятты сүйген, оған қызыққан уқыплы жасларымыз ушын бәрқулла ашық. Сондай-ақ, олар менен турақлы ислесетуғын кеңес ҳәрекет етип турыпты. Fәрезсизлигимиздиң 20 жыллығы мүнәсибети менен бир топар жасларымыз "Дүрмен” дөретиўшилик үйинде болып, ол жерде әдебий орталық пенен танысты, атақлы Өзбек жазыўшы-шайырлары менен сәўбетте болды. "Камалат” жаслар жәмийетлик ҳәрекети, Орта арнаўлы кәсиплик билимлендириў басқармасы менен бирликте әдебиятқа қызығыўшы жаслардың аймақлық семинарлары өткерилди. Балалар ушын арналған "Қарлығаш” реңли журналының дәслепки санлары жарық көрди. Ҳәр ай сайын шығып турған "Қарақалпақ әдебияты” газетасында турақлы түрде жаслар бетин шөлкемлестириў мақсетке муўапық деп ойлайман. Қулласы, жасларымыз дыққат-нәзеримизден ҳеш ўақыт шетте қалмайды.

- Аўқам ағзалары ғәрезсизлигимиздиң 20 жыллық байрамына қандай саўғалар менен келмекте?

- Аўқамымызда 20 жыллық байрамға таярлықты баслар алдында ойласа отырып, жазыўшы-шайырларымыздың күши менен ғәрезсизлик жылларында елимиздиң ерискен табысларын, еркинликтиң бизге қандай мүмкиншиликлер бергенлигин үгит-нәсиятлаўды алдымызға мақсет етип қойдық ҳәм бүгинге шекем бирнеше онлаған орынларда ушырасыўлар өткердик. Оған талантлы аўқам ағзалары, әдебиятшылар кең тартылды. Әсиресе, Жас тамашагөйлер театрында Композиторлар аўқамы менен бирликте өткерилген "Поэзия ҳәм қосық кешеси” есте қаларлық болды, деп ойлайман. Кешеде жигирмадан аслам шайырдың сахнаға шығып қосық оқыўы байрамға деген, поэзияға деген қызығыўшылықтың бир тымсалы болып көзге тасланады. Бирнеше аўқам ағзалары өзлериниң 2011-жылы баспаларда шыққан китапларын ғәрезсизлигимиздиң 20 жыллығына бағышлады. Бундай ислер еле даўам етпекте.

- Газета оқыўшыларымызға байрам тилеклериңиз?

- Елимиздиң ең уллы ҳәм ең әзиз байрамы ҳәммеге қутлы мүбәрек болсын, деймен.

Сәўбетлесиўди жүргизген: Пердегүл ХОЖАМУРАТОВА

Просмотров: 1271 | Добавил: Erkin | Рейтинг: 0.0/0
Всего комментариев: 0
Имя *:
Email *:
Код *:
Излеў

Календарь
«  Август 2011  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
1234567
891011121314
15161718192021
22232425262728
293031

Архив

Сыбайлас сайтлар
  • Қарақалпақстан музейи менен танысың
  • Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң веб-сайты
  • Қарақалпақстандағы оқыў орынларының бири
  • Кеўил ашар
  • Рунеттеги сайтлар
  • Қарақалпақстан жаңалықлары

  • Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары. Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
    Copyright MyCorp © 2024