Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана Сийшемби, 23.04.2024, 17:21
Хош келипсиз Гость | RSS
Сайт мазмуны

Мини-чат

Бизиң сораўлар
Сайтымызға баҳа бериң
Барлық жуўаплар: 44

Статистика

Онлайнда: 1
Мийманлар: 1
Пaйдаланыўшылар: 0

Кириў усылы

Главная » 2011 » Декабрь » 8 » БИЛИМЛЕНДИРИЎ ПИДАЙЫЛАРЫ
23:42
БИЛИМЛЕНДИРИЎ ПИДАЙЫЛАРЫ
УСТАЗ ҲӘМ ШӘКИРТТИҢ МӘРТЕБЕСИ
ЯМАСА МИЙНЕТ БАХЫТҚА БӨЛЕЙДИ

Елликқала районлық халық билимлендириў мәкемелери хызметин методикалық тәмийинлеў ҳәм шөлкемлестириў бөлимине қараслы 3-санлы қәнигелескен мектеп жәмәәти ҳәм оқыўшылары устазлар ҳәм муғаллимлер байрамы күнлери қос қуўаныштың жанлы гүўасына айланды. Яғный, 43 жылдан аслам өмирин жас әўладқа билим сырларын үйретип киятырған физика пәни муғаллими Атахан Бабаев “Қарақалпақстан Республикасы халық муғаллими”, ал оның изин өкшелеп киятырған математика пәни муғаллими Рахматилла Қадиров “Өзбекстан Республикасы халық муғаллими” атақлары менен сыйлықланғанлығы ҳаққындағы қуўанышлы хабар “Гүлдирсин” аўылының турғынларын дүр силкиндирди. Себеби, ҳәзирги күнде бул аўылда жасаўшылардың басым көпшилиги бул еки муғаллимнен сабақ алғаны ҳақыйқат.
Халқымызда “Устазлық еткен жалықпас” деген қанатлы гәп бар. Атахан аға менен сөйлескеннен баслап, өткен сонша жыллық машақатлы мийнетлери, кәсип сырлары ҳаққындағы толып-тасып гүрриң етиўлери, шәкиртлерин мақтаныш етип айтқанларынан соң усындай жуўмақ өз-өзинен келип шықты.
—1963-жылы Ташкент қаласына жол алдым. Нийетим, Низамий атындағы педагогикалық институтының физика факультетине ҳүжжет тапсырыў. Әўметим келип студент болдым. Инс¬титутты 1968-жылы табыслы питкергеннен соң туўры аўылымыздағы 13-санлы мектепте муғаллим болып 1997-жылға шекем иследим. Соның 10 жылында директордың орынбасары болып иследим. Ал, 1997-жылы усы 3-санлы қәнигелескен мектепти шөлкемлестирдик. Район басшылары;—Сизиң тәжирийбеңиз жетерли, өзиңиз басшылық етесиз дегеннен соң тағы да 10 жыл мектеп директоры болып иследим. Мектебимиз бул жыллар ишинде Өзбекстан көлеминде пән олимпиадаларында алдынғы қатарда аталып жүрди. Оқыўшыларымыздан Хосият Ражапова немец тилинен Өзбекстанда биринши орынды ийелеп, халық¬аралық дипломатия университетиниң студенти болды. Азамат Абдиреймов Вестминстер университети, Мунира Хайруллаева ҚМУдың география факультетин питкерди. Мине усындай билимге ықласлы оқыўшылар арасында қалай ғана жалығасаң,—дейди пидайы устаз Атахан Бабаев.
Кәсиплеслери Атахан ағаның ҳақыйқый, нағыз шәкирти Элдар Кәримбаевты айрықша ҳүрметлейтуғынын гәп арасында қыстырып өтпегенде, буннан бийхабар қалады екенбиз.
Элдар КЎримбаевтың Ташкент мәмлекетлик миллий университетинде оқып жүрген пайытында “Эйнштейн изинен...” атамасындағы илимий мақаласы үлкен жаңалық жаратты. Илимпазлар арасында додалаўға түсти. 2008-жылы студент ўақтында “Шуҳрат” медалын алды. Ҳәзирги күнде илимий жумыс алып барып атыр. Оннан күтер үмитимиз бар—деген гәплери, шәкиртиниң илимий жумыслары физика илиминде өзине ылайық орынға ийе болатуғынлығынан дәлиллендиреди.
Атахан ағаның өмирлик жолдасы Рано Батырова да аўылдағы мектепте 35 жыл баслаўыш класс оқыўшыларына тыянақлы билим үйреткен ҳүрметли муғаллимлерден екен. Зиялылар шаңарағында ержеткен үлкен улы Ҳамид Бабаев Ташкент автомобиль жоллары институтын, ал оннан кейинги Ҳамид болса Ташкент ирригация ҳәм мелиорация институтын питкерген. Ҳәзир олар халық хожалық тараўларында ислеп атыр. Атахан ағаның жас әўладларды тәрбиялаўдағы мийнетлери ылайықлы баҳаланған. Яғный, 1994-жылы Өзбекстан халық билимлендириў ағласы нышаны, ал 1997-жылы “Саламат әўлад ушын” 2 дәрежели ордени менен сыйлықланыўы, ҳақыйқый кәсибиниң жанашырына берилгенин тастыйықлайды.
Көпшилик тән алған устаз еле тәндар. Биз бенен сәўбетлесиўи аяқланыўдан, сабаққа кириў ҳаққында қағылған қоңыраўдан соң, оқыўшыларына қарай асықты.
Рахматилла Қадиров та 1978-жылы Ташкенттеги Низамий атындағы педагогикалық институттың математика факультетин питкерип келгеннен баслап Гүлдирсин аўылындағы мектепте математика пәнинен оқыўшыларға устазлық ете баслаған.
— Атахан Бабаевты өзиме устаз деп билемен. Хабарыңыз болса, физика менен математика бир-биринен оншелли парықланбайды. Қолында тәрбияланғаннан соң ба, оның сабақ өтиў, кийиниў мәдениятына қарап муғаллим болыўға ҳәўесим оянғаны рас. Устазымыздың мәсләҳәтине бола, өзи оқыған Низамий атындағы педагогика институтында сабақ алдым. Соң өткен жыллар ишинде бирге ислесип киятырмыз. 1997-жылы ҳәзирги мектебимиз ашылғанда өзи менен бирге ислесиўге шақырды. 1995-жылы районымызда питкериўши класс оқыўшыларын жоқары оқыў орынларына тапсырыўы ушын керекли пәнлерден таярлаўды қолға алдық. Усының арқасында шәкиртлеримиз студент болды. 1996-жылы Бухара қаласында Өзбекстан Республикасы бойынша муғаллимлердиң педагогикалық оқыўларында “Мектеп математикасында “ВУЕТ” теоремасының қолланылыўы” атамасындағы темам ең жақсы тема деп табылды. Сол оқыў күнлеринде Өзбекстан халық билимлендириў ағласы нышаны берилди. Быйылғы муғаллимлер ҳәм устазлар байрамы өмиримде қуўанышлы күн болды. Бизиң кишигирим мийнетимизди баҳалаған ҳүкиметимиз басшыларынан шексиз миннетдармыз. Устазларымыздың үйреткен сабақларын жасларға жеткериўде аянбай мийнет ете беремиз,—дейди “Өзбекстан Республикасы халық муғаллими” Рахматилла Қадиров.
Ели қәдирлеген муғаллим Р.Қадировтың 4 ул, 2 қызы жоқары мағлыўматлы. Әсиресе, баласы Санжар Қадиров әкесиниң салған гүзар соқпағынан барып, Низамий атындағы педагогика университетиниң математика факультетин питкерип, әкесиниң қасында жас әўладқа билим берип атыр.
Демек солай екен, “Устаз-шәкирт” дәстүрине айрықша кеўил бөлинген мектепте бүгинги күнде 151 оқыўшы заманагөй компьютер, лаборатория ханаларында математика, физика, химия ҳәм тағы басқа пәнлердиң өзине тән қызықлы сырларын үйрениўге ҳәрекет етпекте.
Келешекте олардың арасынан ел аўзына түскендей илимпазлар жетилисип шықса әжепленбеймиз.



Қ.РЕЙМОВ,
Өз хабаршымыз,
Елликқала районы.


13.10.2011
[b]
Просмотров: 1102 | Добавил: Erkin | Рейтинг: 0.0/0
Всего комментариев: 0
Имя *:
Email *:
Код *:
Излеў

Календарь
«  Декабрь 2011  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
   1234
567891011
12131415161718
19202122232425
262728293031

Архив

Сыбайлас сайтлар
  • Қарақалпақстан музейи менен танысың
  • Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң веб-сайты
  • Қарақалпақстандағы оқыў орынларының бири
  • Кеўил ашар
  • Рунеттеги сайтлар
  • Қарақалпақстан жаңалықлары

  • Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары. Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
    Copyright MyCorp © 2024