Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана Сийшемби, 23.04.2024, 15:39
Хош келипсиз Гость | RSS
Сайт мазмуны

Мини-чат

Бизиң сораўлар
Сайтымызға баҳа бериң
Барлық жуўаплар: 44

Статистика

Онлайнда: 1
Мийманлар: 1
Пaйдаланыўшылар: 0

Кириў усылы

Главная » 2011 » Сентябрь » 5 » ҒАРЕЗСИЗЛИК — АЙДЫН КЕЛЕШЕГИМИЗ ТИЙКАРЫ
17:39
ҒАРЕЗСИЗЛИК — АЙДЫН КЕЛЕШЕГИМИЗ ТИЙКАРЫ
Пайтахтымыздағы Ашық театрда Ғәрезсизлигимиздиң жигирма жыллығына бағышланған «Уллы ҳәм муқаддессең, ғәрезсиз Ўатан» театрластырылған байрам тамашалары болып өтти.


Президентимиз Ислам Кәримов уллы тарийхый сәне - 1991-жыл 1-сентябрьди Ўатанымыздың ғәрезсизлиги күни, деп жәриялағанынан кейин Өзбекстан жәҳәнге, жәҳән болса Өзбекстанға жүз бурды. Дүнья жәмәәтшилиги Орайлық Азия регионында ата-бабалары дүнья цивилизациясына, илим-пән ҳәм мәденияттың раўажланыўына бийбаҳа үлес қосқан, бай тарийхый ҳәм мәдений мийрасқа, үлкен экономикалық және мәнаўий потенциалға ийе халық бар екенин, жаңа ғәрезсиз мәмлекет пайда болғанын тән алды.

 
Бүгин елимиздиң қай жерине бармаң, ғәрезсизлик жылларында жақсы нийетлер менен тиккен нәллеримиз мийўе бере баслағанына - кең көлемли реформалардың барысында экономикамыз турақлы раўажланып, елимизде избе-излик пенен әмелге асырылып атырған әҳмийетли социаллық бағдарламалар жақсы нәтийжелер берип атырғанына гүўа боласыз. Кең көлемде алып барылып атырған қурылыс ислерине бола журтымыздың келбети түптен өзгерип, қала ҳәм аўылларымыз және де абаданласып атырғанын көрип қуўанасыз. Жылдан-жылға кең ен жайып атырған, халықтың аўырын жеңиллетиўге, олардың турмыс дәрежеси ҳәм пәраўанлығын асырыўға қаратылған бул илажлар ғәрезсизлик берген имканиятлардың әмелий көриниси екенин сезесең.

Ең әҳмийетлиси, ғәрезсизлик арқалы қолға киргизилген бундай жетискенлик ҳәм нәтийжелер ҳәр бир ўатанласымыздың қәлбине жетип бармақта, олардың руўхы ҳәм кейпиятын көтермекте, жаңа ҳәм және де жоқары шеклерге қарай руўхландырмақта.

Халқымыздың ең уллы, ең әзиз байрамын белгилеп атырған ўатанласларымыз өмиримиздеги, турмысымыздағы, ой-пикиримиздеги үлкен өзгерислер ғәрезсизликтиң нәтийжеси екенин терең түсинеди. «Ғәрезсизлик - биз ушын өзлигимизди аңлап жетиўдиң, елдиң тынышлығы ҳәм турақлылығының, инсан мәплери, еркинлиги ҳәм абаданлығының, биз гөзлеген демократиялық жәми¬йет қурыўдың гиреўи» деген ийгиликли идеяны өзинде жәмлеген усы уллы байрам жерлеслеримиздиң кеўлине шексиз қуўаныш ҳәм мақтаныш бағышлайды.

Ғәрезсизлик жылларында пүткил елимиздеги сыяқлы Қарақалпақстан Республикасында да кең көлемли реформалар әмелге асырылды. Қалаларымыз бенен аўылларымыз абаданласып, заманагөй кәрханалар, кең ҳәм тегис жоллар, социаллық объектлер, билимлендириў ҳәм емлеў мәкемелери, бағлар ҳәм қыябанлар бинә етилди.

Жақында Үстиртте Сүргил кәни негизинде Үстирт газ-химия комплекси қурылысының басланыўына бағышланған мәресим болып, оның ирге тасы қо¬йылды.

Үстирт газ-химия комплекси иске түскеннен соң, жылына 400 мың тонна полиэтилен ҳәм 100 мың тонна полипропилен ислеп шығарылады. Демек, усыған сай жаңа жумыс орынлары ашылады. Бул жойбардың әмелге асырылыўы менен Қарақалпақстанда ғәрезсиз мәмлекетлердиң дослық аўқамында бул саладағы ең ири комплекс бой тиклейди. Нәтийжеде республикамыз ири санаат орайларынан бирине айланады.

Байрам қарсаңында елимиздиң экономикасында айрықша орын тутатуғын бул комплекстиң қурылысының басланыўы ғәрезсизлигимиздиң жигирма жыллығына сыйлы саўға болды десек, қәтелеспеген боламыз.

2011-жыл, 30-август. Бүгин пайтахтымыз Нөкистиң айдын көшелери байрам қушағында. Ашық театр ҳәр қашанғысынан да саўлатлы ҳәм гөззал. Бул жерге Республика басшылары, ҳүкимет ағзалары, илим, мәденият, көркем-өнер ғайраткерлери, өндирис алдынғылары, исбилерменлер, нураный аталарымыз бенен апаларымыз, кең жәмийетшиликтиң ўәкиллери жыйналған.

Саат 19.00. Шақырық намасы жаңлады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Муса Тажетдинович Ерниязов қутлықлаў сөз сөйледи. Ол республикамыздың гүллән мийнеткеш халқын Ғәрезсизлигимиздиң 20 жыллығы менен қызғын қутлықлап, халқымыздың ҳәр бир тараўдағы ерискен жетискенликлерин, пидайы мийнетлерин атап өтти ҳәм келешектеги ийгиликли ислеринде үлкен-үлкен табыслар, шаңарақларына аман-есенлик, саў-саламатлық тиледи.

...Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик музыкалы театры, Ташкент мәмлекетлик көркем-өнер институты Нөкис филиалы студентлери ҳәм Нөкис мәденият ҳәм көркем-өнер колледжи оқыўшыларының атқарыўында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Әлбетте, ең жақсы қосық - Ўатан ҳаққындағы қосық. Оларды еситкенде кеўиллер елжиреп, көзлерге жас келеди. Бул қуўаныш жаслары. Изли-изинен Ўатан ҳаққындағы қосықлар жаңлай баслады.

Бүгинги ғәрезсизлигимиздиң 20 жыллығына бағышланған «Уллы ҳәм муқаддессең, ғәрезсиз Ўатан!» атлы театрластырылған музыкалы хореографиялық байрам концертинде жаңлаған ҳәр бир қосық ҳәм намада ғәрезсизлик жылларында қолға киргизилген табысларымыз, зәбердес хал¬қымыздың ертеңги күнге деген үлкен исеними айқын сәўлеленди.

Пайызлы ақшамның қайталанбас мәўритлеринде пүткил пайтахт халқының дыққатын түнги аспандағы рәңбә-рең фейерверк отлары өзине тартты. Сырлы ҳәм сыйқырлы сәўлесин шаш¬қан нурларға илесе нөкислилердиң кеўиллери әл-аспанға көтерилди.

Уллы байрамға бағышланған салтанатлар барлық қала ҳәм районларымызда даўам етпекте.

А.БЕКМУРАТОВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы

Просмотров: 1144 | Добавил: Erkin | Рейтинг: 0.0/0
Всего комментариев: 0
Имя *:
Email *:
Код *:
Излеў

Календарь
«  Сентябрь 2011  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
   1234
567891011
12131415161718
19202122232425
2627282930

Архив

Сыбайлас сайтлар
  • Қарақалпақстан музейи менен танысың
  • Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң веб-сайты
  • Қарақалпақстандағы оқыў орынларының бири
  • Кеўил ашар
  • Рунеттеги сайтлар
  • Қарақалпақстан жаңалықлары

  • Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары. Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
    Copyright MyCorp © 2024