Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана Жума, 29.03.2024, 01:51
Хош келипсиз Гость | RSS
Сайт мазмуны

Мини-чат

Бизиң сораўлар
Сайтымызға баҳа бериң
Барлық жуўаплар: 44

Статистика

Онлайнда: 1
Мийманлар: 1
Пaйдаланыўшылар: 0

Кириў усылы

Главная » 2011 » Август » 19 » ҚАРАӨЗЕК: КЕЛЕШЕККЕ УЛЛЫ ИСЕНИМ МЕНЕН
16:25
ҚАРАӨЗЕК: КЕЛЕШЕККЕ УЛЛЫ ИСЕНИМ МЕНЕН

Мине өтип атырған ҳәр бир күн халқымызды Өзбекстан республикасы ғәрезсизлигиниң 20 жыллық байрамына жақынластырмақта. ғәрезсизлик шарапаты менен елимиз бурын көрилмеген дәрежеде тез пәт пенен раўажланып, ишки ҳәм сыртқы сиясатта үлкен табысларды қолға киргизди.

Халқымыздың турмыс дәрежесин көтериў бағдарында исленген илажлар бүгинги күнге келип өз нәтийжелерин берип атыр.

Ғәрезсизлик жылларында ерисилген табыслар ҳаққында сөз еткенде, биз оларға бәринен бурын экономиканың раўажланыўы, оның өсиў пәтлеринен келип шығып баҳа бергенимиз мақул. Бул бағдардағы жумысларымызды мысаллар арқалы келтиретуғын болсақ, район бойынша мәмлекетке пахта, бийдай тапсырыў режеси соңғы жыллары ҳәр жыл сайын орынланып атырғанын, киши бизнести қоллап-қуўатлаў нәтийжесинде оның санаат өнимлерин ислеп шығарыўдағы үлеси 91,1, аўыл хожалығында 96,1, қурылыста 88,9, усақлап сатыў товар айланысында 34,4, төлемли хызметте 31,9, жәми хызмет көрсетиў саласында 55,8 процентти қураўының өзи бул тараўға айрықша дыққат-итибар қаратылып атырғанынан айқын дерек береди.

Быйылғы "Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик жылы”нда районлық коммерциялық банк бөлимлери тәрепинен өткен алты ай даўамында киши бизнес субъектлерине, ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыўға, жас шаңарақларға, азық-аўқат емес товарларын ислеп шығарыўға, хызмет көрсетиў ҳәм басқа да тараўлар ушын жәми 1 миллиард 418 миллион сумлық кредитлер ажыратылып, нәтийжеде 1024 жаңа жумыс орынлары, соның ишинде үй мийнетин шөлкемлестириўдиң барлық түрлери есабынан 162 жаңа жумыс орынлары жаратылды.

Районда киши бизнес ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мақсетинде 78 орында хызмет көрсетиў ҳәм сервис шақапшаларын ашыў режелестирилген болса, ҳәзирге дейин 27 объект толық иске түсирилди. Және де санаатты раўажландырыў бағдарламасына киргизилип, иске түсириў режелестирилген 2 кәрхананың орнына 3 кәрханаға инвестиция киргизилди. "Бостан талк” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң вермикулит концентратын ислеп шығаратуғын заводына ҳәм "Қараөзек КЗУ” жуўапкершилиги шекленген жәмийети қазанханасына реконструкция жумыслары алып барылды. Және де бағдарламадан тысқары "Қараөзек Барыс” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде тазадан макарон цехы иске түсирилди. Бул өз гезегинде районда санаат, халық тутыныў буйымлары, төлемли хызметти еле де раўажландырыўда, Әсиресе халықты жумыс пенен тәмийинлеўде өз жәрдемин тийгизди.

Ғәрезсизлик шарапаты менен районымызда туўрыдан-туўры шет ел инвестициялары тийкарында усы жыл боян тамырынан глициризин порошогин жетистириўши өарақалпақстан — Қытай "Қара¬өзек боян” қоспа кәрханасы шөлкемлестирилди.

Локализация бағдарламасына киргизилип иске түсирилген "Қарақалпақ Верми” кәрханасында ислеп шығарыўды модернизациялаў ҳәм техникаларды жаңалаў бойынша бирқанша жумыслар әмелге асырылып, усы жыл 110,0 мың АҚШ доллары муғдарындағы өнимлер сырт еллерге экспортқа шығарылды.

Районымыздың "Қаратаў” зонасында жайласқан "Қаратаў инерт материаллары” кәрханасы тасты майдалап шебень ислеп шығарыўға қәнигелестирилген болып, быйылғы жылы бул орында ҳәзирге дейин 72 миллион сумлық шебень ислеп шығарылды. Сондай-ақ, районның усы аймағында жылына 1,0 миллион тонна цемент өнимлерин ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе завод қурылысы алып барылып атыр. Бул кәрхана иске түссе районымызда турақлы 80 адам ҳәм мәўсимли 600ге жақын адам жумыс пенен тәмийинленеди.

Соның менен бирге, районда жергиликли қурылыс матер¬иалларын ислеп шығарыўды раўажландырыў бойынша "Қараөзек гербиш заводы” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде ислеп шығарыўды модернизациялаў, техникалық ҳәм технологиялық жақтан жаңалаў нәтийжесинде қуўатлылығы жылына 1,5 миллион дана гербиш ислеп шығарыў линиясы иске түсирилип, халықтың қурылыс материалларына, яғный гербишке болған талабының қанаатландырылыўына ерисилди. Және де районның "Қаратаў” зонасында жайласқан "ККрасиТасс” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде өндиристи модернизациялаў нәтийжесинде быйыл Қытай Халық Республикасынан коммерциялық "Ҳамкор банк” кредити есабынан баҳасы 186 мың АҚШ долларлық тасты майдалаўшы үскене алып келинип, жылына 10,0 мың тонна шебеньди қайта ислеў қуўатлылығына ийе болыў менен бирге, қосымша 8 жаңа жумыс орны ашылды. Сондай-ақ, районның усы аймағында жайласқан "Дайпласт Нукус” жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен коммерциялық "Ҳамкор банк” кредити есабынан баҳасы 600 мың АҚШ долларлық темир арматура өнимин ислеп шығаратуғын киши металлургия заводын иске түсириў төртинши шерекке режелестирилип атыр. Бул заводта 45 адам жумыс пенен тәмийинленеди ҳәм жылына 100 тонна темир арматура ислеп шығарылады.

Нәтийжеде санаат тараўында салыстырма баҳада 1550,8 миллион сумлық өнимлер ислеп шығарылып, өткен жылдың усы дәўири менен салыстырғанда 35,5 процент өсим пәти тәмийинленди.

Районымызда соңғы жыллары меншиклестириў, мүлкке ийелик етиўдиң жаңа формаларын өндириске кеңнен енгизиўдиң нәтийжесинде халық хожалығымызда көп тараўлы экономикалық қатнасықлар қәлиплести. Экономикалық реформаларды және де тереңлестириў бойынша қабыл етилген бағдарламаға муўапық ғәрезсизлик жыллары ишинде бир неше мәкеме, кәрхана ҳәм хожалықлар меншик түриниң ҳәр қыйлы формаларына айландырылды. Бүгинги күнге район бойынша 283 фермер хожалықлары болып, оларға жети альтернатив машина-трактор парки, жети суўдан пайдаланыўшылар бирлеспеси, жети жанар май ҳәм жети минерал төгин тарқатыў шақапшалары хызмет көрсетип келмекте.

Аўыл хожалығында да соңғы жылларда жақсы нәтийжелерге ерисилди, быйылғы жылдың зүрәәти ушын егилген 4300 гектар бийдай майданына өз ўақтында агротехникалық қәделерге сай берилген тәрбия нәтийжесинде мол өним топланды ҳәм мәмлекетлик шәртнама орынланды. Қурылыста барлық қаржыландырыў дәреклеринен улыўма 1701,1 миллион сум муғдарындағы ири қаржылар өзлестирилди. Транспорт кәрханалары тәрепинен 116 мың тонна халық хожалығы жүклери ҳәм 925,3 мың жолаўшы тасылып, улыўма 165 миллион сум көлеминде жумыс исленди, улыўмаластырылып айтқанда, район халқына сапалы хызмет көрсетилип, жүк айланысы 101,7 процент, жолаўшы тасыў 100,4 процентти қурады.

Усақлап сатыў товар айланысы 9463,7 миллион сумға, төлемли хызмет көрсетиў 2053,5 миллион сум, соның ишинде турмыс хызметин көрсетиў 117,9 миллион сумға орынланды. Сондай-ақ, 511,6 миллион сумлық халық тутыныў буйымлары ислеп шығарылды. Халықтың жан басына есаплағанда 205,7 мың сумлық саўда, 44642,0 сумлық төлемли хызметлер көрсетилди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2006-жыл 12-июньдеги "Экономика тармақлары ҳәм тараўларын раўажландырыўдың ең әҳмийетли мақсетли бағдарламасының әмелге асырылыўына мониторинг өткериў ҳаққында”ғы қарары менен мониторингке алынған Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Жол қурылыс жумысларының көлеми ҳәм сапасы үстинен қадағалаўды күшейттириў ис-илажлары ҳәм де 2011-жылда автомобиль жоллары қурылысы бағдарламасын тастыйықлаў ҳаққында”ғы қарары талапларына муўапық районлық жол хожалығы кесип алып ислеў, оңлаў, пайдаланыў кәрханасы тәрепинен 2011-жылдың биринши ярымында 4Р176 автомобиль жолының 85-90 километр аралығы ҳәм бир дана көпирди оңлаў бойынша 814,1 миллион сумлық жумыслардан 488,6 миллион сумлық көлеми орынланды.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2009-жыл 22-октябрьдеги "Өзбекстан миллий автомагистралы бойлап жол инфрадүзилмеси ҳәм сервисин раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде "Қойбақ” аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан А-380 Өзбекстан миллий автомагистралының 713,7 километринен "Қарақалпақ ОЙЛ” сервис ЖШЖне АГНКС қурыў ушын қурылыс жумыслары басланып, усы жылдың декабрь айында жуўмақланыўы нәзерде тутылған.

Район аймағында 32 улыўма билим бериў, 9 мектепке шекемги, мектептен тыс, 1 балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби, 1 балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби бар болып, бул дәргайларда заман талабына сай тәлим-тәрбия бериў, кәсип-өнерге бағдарлаў жумыслары алып барылмақта.

Халыққа медициналық хызмет көрсетиўде районлық медицина бирлеспеси, 11 аўыллық-шыпакерлик пункти, 1 поликлиника, 1 ҳаял-қызларды саўаландырыў орайы, 1 туберкулез кеселлигин емлеў диспансери, 13 фельдшер-акушерлық пункти ислеп тур.

Халықтың азық-аўқат өнимлерине болған талабын қанаатландырыў мақсетинде быйылғы жылы 7211,3 тонна овощ, 3104,2 тонна картошка, 5181,7 тонна палыз, 1052,5 тонна мийўе, 68,0 тонна жүзим жетистириў режелестирилип, 1992 тонна сүт, 712 тонна гөш, 650 мың дана мәйек, 2,5 тонна балық, 1,2 тонна пал жетистирилди. Соның менен бирқатар быйылғы жылы 48,0 гектар майданға таза бағ, 3 гектар майданға жүзим нәллери отырғызылды.

Районда шарўашылықты раўажландырыў мақсетинде сырт еллерден 20 бас нәсилли малларды алып келиў, балықшылықты раўажландырыў мақсетинде пал ҳәррешилигин раўажландырыў ушын 4 фермер хожалықта жумыслар алып барылмақта.

Азық-аўқат бағдарламасына киргизилген "Инкубатор Инвест” жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен "асакабанк”тен 50 миллион сум кредит алып, бүгинги күнде 3 мың шөже күтимли бағылмақта. Сондай-ақ, "Даўранбек” фермер хожалығына ҳәм "Қарабуға инкубатор” ЖШЖ не "Агробанк” ҳәм "Халық банки” бөлими тәрепинен 50 миллион сумнан кредитлер ажыратылды. Жақын арада бул орынларда да жаңа жумыс орынлары ашылады.

Райондағы ата-анасынан айрылған ҳәм кем тәмийинленген шаңарақ, урыс ҳәм мийнет нураныйларының балалары төрт гезекте 400 бала районлық "Дослық” балалар лагеринде, Елликқала районы Ә.Наўайы атындағы профилакторийда 77 бала дем алып, денсаўлығын беккемлеп қайтты.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2009-жыл 3-августтағы "Аўыллық жерлерде турақ жай қурылысы дәрежесин кеңейттириўдиң қосымша ис-илажы ҳаққында”ғы қарары талапларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде өткен жылы 8 турақ жай жаңадан қурылып пайдаланыўға тапсырылған болса, быйыл "Бердақ” аўыл пуқаралар жыйыны "Көбейшүңгил” елатлы пунктинде 5 турақ жай қурылысының 350,0 миллион сумлық жумыс көлеми орынланды.

Ана диярымыз бәршемизге бирдей, оның гүллеп-раўажланыўы ушын ҳәммемиз теңдей жуўапкермиз. Сонлықтан районымыздың ҳәр бир пуқарасы өз жумыс орнында, шаңарағында елимиздиң абаданлығын ҳәм Ўатанымыздың ғәрезсизлигин беккемлеў ушын жигерли мийнет етип, ел-халық мәпин ҳәмме нәрседен жоқары қоятуғынлығына исеним билдиремиз. Және бир мәрте район халқы атынан республикамыздың гүллән халқын Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 20 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлап, олардың жумысларында тасқын табыслар, шаңарақларында аманлық тилеймиз.

Д.УТЕМУРАТОВ,
Қараөзек районы ҳәкими


Просмотров: 1232 | Добавил: Erkin | Рейтинг: 0.0/0
Всего комментариев: 0
Имя *:
Email *:
Код *:
Излеў

Календарь
«  Август 2011  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
1234567
891011121314
15161718192021
22232425262728
293031

Архив

Сыбайлас сайтлар
  • Қарақалпақстан музейи менен танысың
  • Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң веб-сайты
  • Қарақалпақстандағы оқыў орынларының бири
  • Кеўил ашар
  • Рунеттеги сайтлар
  • Қарақалпақстан жаңалықлары

  • Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары. Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
    Copyright MyCorp © 2024