Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана Шемби, 20.04.2024, 14:39
Хош келипсиз Гость | RSS
Сайт мазмуны

Мини-чат

Бизиң сораўлар
Сайтымызға баҳа бериң
Барлық жуўаплар: 44

Статистика

Онлайнда: 1
Мийманлар: 1
Пaйдаланыўшылар: 0

Кириў усылы

Главная » 2011 » Август » 19 » ҚАРАҚАЛПАҚТЫҢ АРҚА ДӘРЎАЗАСЫ
16:13
ҚАРАҚАЛПАҚТЫҢ АРҚА ДӘРЎАЗАСЫ
Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң қолға киргизилген уллы тарийхый сәне 1-сентябрь — халқ ымыздың жәмийетлик-сиясий, руўхый турмысында айрық ша орын тутатуғын, ҳәр жылы ең уллы, ең әзиз байрам сыпатында үлкен қуўаныш ҳәм салтанат пенен белгиленетуғын қутлы әййям. Усы байрамның быйыл белгиленетуғын жигирма жыллық даңқлы сәнесин көтериңкилик пенен күтип алыўға елимиздиң басқа орынларындағы сыяқлы Қоңырат районында да қызғын таярлықлар көрилмекте.

Дүзилгенине дерлик 85 жыл болған Қоңырат Қарақалпақстанның социал-экономикалық турмысында гиреўли орын тутқан районлардың бири болып, ол республикамыздың арқа-батысында жайласқан. Районның батыс тәрепин ийелеп жатырған Үстирт тегислиги жүдә үлкен жер асты қ азылма байлық ларына ийе. Бул жерде ҳәк тасы, пор, гипс, мергель, ас дузы, нефть, газ конденсатлары ҳәм басқа да қазылма байлық ларының ири кәнлери бар. Жылына 160 мың тонна өним ислеп шығаратуғын Қоңырат сода заводы тек республикамызда ғана емес, ал, пүткил Орайлық Азияда үлкен стратегиялық әҳмийетке ийе санаат орынларынан саналады. Сондай-ақ , район аймағындағы «Барса келмес» ҳәм «Қараўымбет» дуз кәнлериде республикамыз экономикасында айрықша орын тутады.

Ҳүрметли Президентимиз И.Ә.Кәримов тәрепинен 2011-жылдың «Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик жылы» деп белгилениўи мүнәсибети менен районымызда фермерлик, жеке исбилерменлик, киши ҳәм орта бизнести және де раўажландырыўдың айқын бағдарламасы исленип, бул бойынша анық илажлар көлеми белгиленген. Әсиресе, аўылда бағшылық , қусшылық , баў-бақша, пал ҳәррешилик, балық шылық ҳәм басқада тараўларды раўажландырыўға қаратылған бағдарлар бойынша жумыслар алып барылмақта. Бул бойынша арнаўлы ҳәм қәнигелестирилген фермер хожалықлары шөлкемлестирилди. Гөш, сүт өнимлерин қайта ислейтуғын цехлар, киши кәрханалар өз жумысларын баслап атыр.

Ғәрезсизлигимиздиң 20 жыллық байрамы белгиленетуғын быйылғы жылдың дәслепки ярымында районымызда Президент пәрманлары ҳәм ҳүкиметлик қарарлар тийкарында барлық тараўларда экономикалық реформалар избе-излик пенен әмелге асырылды. Мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўына, жеке секторды раўажландырыўға, халықты социаллық жақтан қорғаўға, елатлы пунктлерди абаданластырыўға үлкен итибар қаратылды. Нәтийжеде халық хожалығының барлық тараўларында экономикалық өсимге ерисилди. Атап айтқанда, санаат өнимлерин ислеп шығарыў көлеминиң 202,1 процентке, халық тутыныў товарларын ислеп шығарыўдың 148,4 процентке, усақлап сатыў айланысының 127,1 процентке, жалпы аўыл хожалық өнимлерин жетистириў көлеминиң 117,7 процентке өсими тәмийинленди.

2011-2012-жылларда сырт ел инвестициялары ҳәм өзимиздиң ишки резервлеримиз есабынан 7 жойбарды турмысқа асырыў жобалары тастыйық ланып, олардың қаржы менен тәмийинлениўи избе-из шешилип атыр. 35 гектар майданда жаңадан бағ жаратылмақта. Улыўма 100 мың бас қус бағылатуғын 11 кәрханада фермалар шөлкемлестириў илажы бекитилди. Буның нәтийжесинде азық -аўқат, тутыныў базарын 20 процентке көбейтиў ҳәм баҳаны 30 процентке арзанлатыўға ерисиў мүмкин.

Елимиз Президентиниң Үстирт аймағында «Ақ шолақ » посёлкасынан «Ўзкоргазхемикл» қоспа кәрханасын шөлкемлестириў бойынша усынысы өз шешимин таўып, «Үстиртгазохимия» комплекси өз жумысын баслаў алдында тур.

Бизге белгили, ҳәр бир елдиң бүгини ҳәм келешеги мәмлекет билимлендириў системасының қандай дәрежеде раўажланғаны менен белгиленеди. Солай екен, Ўатанымыздың раўажланыўы, миллетимиздиң келешеги усы жерде камалға келип атырған ул-қызларымыздың келешеги менен тығыз байланыслы. Ҳақыйқ атында да елимизде билимлендириў системасы реформасына бас ўазыйпа сыпатында қаралыўының тийкарында перзентлеримиздиң келешек тәғдирин ойлаў арқалы Ўатанымыздың ертеңги раўажланыўын көриў идеясы өз көринисин тапқан.

Перзентлеримиздиң ҳәр тәреплеме саламат әўлад болып ержетиўи олардың тек руўхый жақтан ғана емес, ал, физикалық жақтанда раўажланыўына байланыслы. Солай екен, районымызда балалар спортын раўажландырыў, олардың арасында саламат турмысты үгит-нәсиятлаў ислерине де айрықша итибар қаратылған. Бул бағдарда улыўма билим бериў мектеплериниң спорт базасын беккемлеў ҳәм оларда оқ ыйтуғын балалардың спортқа қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде қурылыс-оңлаў, бар болған спорт базаларын зәрүрли үскенелер менен тәмийинлеў ҳәм оларға оқыўшы-жасларды тартыў жумыслары избе-излик пенен әмелге асырылмақта.

Балалар спортын раўажландырыў бойынша райондағы футбол майданшалары менен стадион ҳәм бир қанша спорт объектлерин оңлаў жумыслары жедел пәт пенен жүргизилип атыр. Бул тараўды раўажландырыўға болған күшли дыққат-итибар нәтийжесинде районымыздың жас спортшылары көплеген жарысларда сыйлы орынларды ийелеп келмекте. Ҳәр қыйлы дәрежедеги турнирлерде, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан көлеминдеги ҳәм халық аралық жарысларда быйылғы жылдың өзинде районымыз спортшылары тәрепинен 16 алтын, 18 гүмис ҳәм 25 қола медальларының қолға киргизилиўи бул пикиримизди тастыйықлайды.

Орайлық машина-трактор парки қасында «Агротехсервис» ЖШЖ шөлкемлестирилди. Бүгинги күнде колледж оқыўшылары өз қәнигеликлериниң әмелиятларын өткерип, аўыл ҳәм суў хожалығына, фермерлерге хызмет көрсететуғын маман қәнигелер таярланады. Мине усы мақ сетлердиң ҳәммеси иске асса, тек 2011-жылдың өзинде жаңадан 1200 ден аслам жумыс орынлары шөлкемлестирилиўи күтилмекте.

Ғәрезсизлигимиздиң жигирма жыллығы байрамы ҳүрметине бир қатар социаллық -турмыслық объектлер салынып пайдаланыўға берилмекте. Олардан «Дийқан базары»нда ири оңлаў жумыслары исленди, фермер ҳәм дийқанларымыз өзлери жетистирген аўыл-хожалық , гөш ҳәм сүт өнимлери менен саўда ислеўи ушын барлық қолайлықларға ийе заманагөй саўда орынлары питкерилип, пайдаланыўға берилди.

Аўыл инфраструктурасын жаңалаў, заманагөй үй-жай қурыў бойынша «Гүлистан» елатынан 2009-жылы 20, 2010-жылы 20 жай питкерилген болса, быйылғы жылы 10 үй-коттеджлериниң қурылысы тамамланыў алдында тур. «Қоңырат-Бейнеў», «Елабад-Қоңырат» автожолларында реконструкция ислери алып барылмақ та. Районда автотранспорт тараўын раўажландырыў бойынша режели ислер турмысқа асырылмақта. Жолаўшыларымыздың мәнзилин жақын етиў мақ сетинде быйылғы жылы Өзбекстанда иcлеп шығарылған он дана «ISUZU» автобуслары алып келинип, халқымызға хызмет етпекте. Итибарлы тәрепи, бул автобуслардың екеўи районымыздың ең алыс аймағы болған «Каракалпакия» посёлкасына турақлы түрде қатнап тур. Жақын күнлерде және 20 дана автобус алып келиў режелестирилген.

Мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 20 жыллық байрамын қурылысшыларымыз да мийнетте мол табыслар менен күтип алып атыр, десек асыра айтқ ан болмаймыз. Қурылыс ҳәм оңлаў жумыслары «Инвест строй Нукус» ЖШЖ тәрепинен алып барылған ҳәм улыўма баҳасы 435,6 миллион сум болған районлық әскерликке шақ ырыў пункти, қурылысы «ИсБах қ урылыс» ЖШЖ тәрепинен жүргизилип, питиў алдында турған, улыўма баҳасы 840,0 миллион сум болған «Каракалпакия» посёлкасындағы жол-патруль хызмети имараты, «Ремонтэлектромонтаж» ЖШЖ тәрепинен қурып питкерилген, улыўма баҳасы 35,6 миллион сум болған «Қоңырат» аўыл пуқаралар жыйынының «Гүлистан» массивиндеги балалар спорт майданшасын ҳәм басқа да қурылыс объектлерин тараў ўәкиллериниң байрам саўғасы сыпатында көрсетиў мүмкин. Сондай-ақ , усы «Гүлистан» массивинде узынлығы 1,2 километрлик ишимлик суў тармағын тартыў, «Өрнек» ҳәм «Наўрыз» пуқ аралар жыйыны арасында орта басым диаметри 219 миллиметр болған 1,5 километрлик газ трассаларын жер үстине шығарыў ҳәм иске жарамсыз трассаларды жаңадан алмастырыў жумыслары толық питкерилди. Бул өз гезегинде усы аймақ лардағы халық тың ишимлик суў ҳәм тәбийғый газге болған талабын толық қанаатландыратуғынына гүман жоқ .

Көпшиликке мәлим, бүгинги Қоңырат үлкен әҳмийетке ийе жол қурылысының объектине айланған. Пикиримизди мысаллар менен дәлиллейтуғын болсақ , 2011-жылы А-380 «Гүзар-Бухара-Нөкис-Бейнеў» миллий автомагистралының 876-916 км. аралығында Азия раўажланыў банки кредити есабынан оңлаў жумысларын алып барыў бойынша өткерилген тендер жеңимпазы Қытай Халық Республикасының «China Road and Bridge Corporation» компаниясы болып, бул компания тәрепинен усы 40 километрлик жолды оңлаў белгиленген. Бүгинги күнде белгиленген аралық тағы биринши жол қаплама 100 процентке орынланған болса, ал усы аралық тағы екинши жол қапламаның 24 км. аралығы исленди, қалған жумыслар даўам еттирилмекте.

Қоңырат районы 4Н106 «4р173 а/ж Қоңырат-Раўшан-Сексеўилсай» автомобиль жолының 860 метр аралығында 2011-жылдың бағдарламасына муўапық ишки жолларды орта оңлаў жумыслары режелестирилген. Бул жумысларға 73 миллион. 500 мың сум қаржы қаратылып, объектти пайдаланыўға тапсырыў мүддети 2011-жылдың 1-октябрь сәнесине белгиленген. Ҳәзирги күнде ҳүжжетлер толық таярланып, қурылыс жумыслары басланбақта.

Районымыздағы «Яқыпбай лаққы» фермер хожалығында 16 миллион сумлық Халық банки кредити есабынан жылына 10 тонна қуўатлылық та мийўе-палыз өнимлерин кептириў (сушилка) үскенеси алып келинип, орнатылды. Нәтийжеде жаңадан 6 жумыс орны жаратылды.

«Төртқара сексен» фермер хожалығында жылына 100 тонна сүтти қ айта ислеў қ уўатлылығына ийе киши цехтың иске түсирилиўин тәмийинлеў мақ сетинде «Агробанк»тиң 160 миллион сумлық кредити ажыратып берилди. Егер бул цех иске түссе және 9 адам жумыс пенен тәмийинленеди деген сөз.

«Кросс инвест макс» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде жылына 250 тонна гөш өнимлерин қ айта ислеў қуўатлылығына ийе цех қурылысы алып барылып атыр. Оған Халық банки бөлими тәрепинен 250 миллион сумлық кредит ажыратылып, өз қ аржысы есабынан 112,5 миллион сумлық қаржы жумсалмақта. Бул жерде 12 жумыс орнының ашылыўы күтилмекте.

Тарийх шеңберинен қарағанда жигирма жыл оншелли көп ўақыт емес. Лекин, әйне усы жигирма жыл ишинде ғәрезсиз мәмлекетимиз тәрепинен қолға киргизилген табыслардың салмағы әдеўир басым екенлигин ҳеш ким бийкарламаса керек. Бүгинлигинде Ўатанымыздың ҳәр бир пуқарасының Президентимиз әтирапына тығыз жәмлесип, ғәрезсизлигимиздиң қүдиретин беккемлеўге, сол арқалы мәмлекетимиздиң жәҳән жәмийетшилиги алдындағы даңқ-абырайын және де асырыўға белсене қатнасып атырғаны кимди болса да қуўандырмай қоймайды. Мине усындай уллы ҳәм ийгиликли ислерге әзелден зәбердес қоңыратлы мийнеткешлердиң де үлес қосып атырғаны мақтаныш сезимлерин бийлетеди. Биз бүгин олар тәрепинен әмелге асырылып атыр¬ған жумыслардың айырымларын ғана сөз еттик. Өмир даўам етер екен, бундай ийгиликли илажлар ҳеш қашан тоқ тап қалмай, керисинше, жаңадан-жаңа пәтлер менен даўам ете беретуғынлығына исеним мол. Неге дегенде, бүгинги күнге келип раўажланыўдың айқын жолына түскен ғәрезсиз мәмлекетимиз пуқараларының алдына қойған мақсети анық , ўазыйпалары саррас.

Сөзимниң соңында Ўатанымыздың ҳәр бир пуқ арасын ең уллы, ең әзиз байрамымыз болған ғәрезсизлигимиздиң 20 жыллық даңқлы мерекеси менен Қоңырат районының мийнеткешлери атынан қызғын қутлық лайман ҳәм олардың айдын келешек жаратыўдай ийгиликли нийетлеринде тасқын табыслар тилеймен.

О.НУРЫМБЕТОВ,
Қоңырат районы ҳәкими.

Просмотров: 1402 | Добавил: Erkin | Рейтинг: 0.0/0
Всего комментариев: 1
1 EverettWeigo  
0
<center><b>Новые образы актрисы | New images of the actress</b>


<img src="https://i.imgur.com/BukhTe7.jpg">


<b>Сайт | Website:</b> https://olgafadeeva.info

</center>

Имя *:
Email *:
Код *:
Излеў

Календарь
«  Август 2011  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
1234567
891011121314
15161718192021
22232425262728
293031

Архив

Сыбайлас сайтлар
  • Қарақалпақстан музейи менен танысың
  • Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң веб-сайты
  • Қарақалпақстандағы оқыў орынларының бири
  • Кеўил ашар
  • Рунеттеги сайтлар
  • Қарақалпақстан жаңалықлары

  • Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары. Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
    Copyright MyCorp © 2024