Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана Жума, 19.04.2024, 03:33
Хош келипсиз Гость | RSS
Сайт мазмуны

Мини-чат

Бизиң сораўлар
Сайтымызға баҳа бериң
Барлық жуўаплар: 44

Статистика

Онлайнда: 1
Мийманлар: 1
Пaйдаланыўшылар: 0

Кириў усылы

Главная » 2012 » Март » 5 » АЛЫСТАҒЫ АЎЫЛДА
10:09
АЛЫСТАҒЫ АЎЫЛДА

«ҚАРАҚАЛПАҚСТАН» ПОСЕЛКАСЫ: ЖАҢА ЖЫЛFА ЖАҢАЛЫҚЛАР МЕНЕН
Кеше көрген жерлериң бүгин түпкиликли өзгерислерге, жаңаланыўға бет бурып атырса таңланатуғын заман емес. Пайтахтымыздан дерлик 470 шақырым узақлықта, республикамыздың шегара аймағында жайласқан “Қарақалпақстан” посёлкасы да соңғы ярым жыл ишинде жаңаша түске енди.
Бул посёлкада хызмет сапары менен өткен жылдың май айында болғанымыздағы көринислер менен жыл ақырындағы өзгерислер арасында аспан менен жер шелли парқ бар. Оңлаў талап етилип турған көп қабатлы қорениш үйлер бүгин ири оңлаўдан шығарылған, әтираплары абаданластырылған, халыққа турмыс хызметин көрсетиў орынлары жаңадан шөлкемлес¬тирилген.
Усындай соңғы жаңалықлар туўралы посёлкалық пуқаралар жыйыны баслығы Қутлы Қошымбетова былай дейди:
- 2011-жыл посёлка халқының көп жыллардан берги арзыў-нийетлери орынланған жыл болды десем қәтелеспеймен. Елатымызға ел басшыларының нәзери қарады. Бул бағдардағы ибратлы ислерде “Қарақалпақстан” газ узатыў басқармасы тәрепинен исленип атырған жумысларды айрықша атап өтиўимиз орынлы. Посёлкамызда 3400 ге шамалас пуқара жасап атырған болса, соннан 300 ден асламы усы басқармада жумыс пенен бәнт. Оларды турақ жай менен тәмийинлеў, турақ жайларды заманагөй усылда қайта оңлаў, посёлка аймағынан социаллық объектлер ушын имаратлар қурып, елатты абаданластырыўға басқарма басшылығы үлкен итибар қаратып, қаржы бөлип шығарды ҳәм ра¬йон ҳәкимлиги менен бирге ислесип киятыр. Мәселен, Жаңа жыл байрамы алдында бала бақша имаратының ири оңлаўдан кейин пайдаланыўға берилиўи, аймағымызда ҳәзир жүдә зәрүр болып турған нанбайхана, монша, ерлер ҳәм ҳаял-қызлар шаштәрезханаларының, аяқ ки¬йим устаханасының ашылыўы халқымызға үлкен қуўаныш бағышлады. Ал, Қоңырат-“Қарақалпақстан” посёлкасы арасында автобус қатнаўының жолға қо¬йылыўы ең үлкен аўырманшылығымызды жеңиллетти. Сондай-ақ, бурын балаларымыз орта арнаўлы билим алыў ушын неше жүзлеген шақырым жол басып Қоңыратта ямаса Нөкиске барып оқыйтуғын болса, ҳәзир посёлкамызда Қоңырат нефть ҳәм газ санааты колледжиниң филиалы ашылып, перзентлеримиз үйлеринен кирип шығып, кәсип-өнер ийелеў имканиятларына ийе болды. Район ҳәкимлиги тәрепинен “Ақпатша-Жанар” тигиў цехы өз алдына имарат пенен тәмийинленди. Соңғы ярым жыл ишинде болып атырған бул жаңаланыўлар бизиң елатымызға үлкен итибар деп билемиз.
Булар алыс аўыллардағы заман нәпесиниң бир көриниси ғана.
П.ХОЖАМУРАТОВА.
Қоңырат районы, “Қарақалпақстан” посёлкасы.

Просмотров: 1870 | Добавил: Erkin | Рейтинг: 0.0/0
Всего комментариев: 1
1 Aidil  
0
Begun, the great internet eduticaon has.

Имя *:
Email *:
Код *:
Излеў

Календарь
«  Март 2012  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
   1234
567891011
12131415161718
19202122232425
262728293031

Архив

Сыбайлас сайтлар
  • Қарақалпақстан музейи менен танысың
  • Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң веб-сайты
  • Қарақалпақстандағы оқыў орынларының бири
  • Кеўил ашар
  • Рунеттеги сайтлар
  • Қарақалпақстан жаңалықлары

  • Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары. Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
    Copyright MyCorp © 2024