Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана Жума, 19.04.2024, 08:51
Хош келипсиз Гость | RSS
Сайт мазмуны

Мини-чат

Бизиң сораўлар
Сайтымызға баҳа бериң
Барлық жуўаплар: 44

Статистика

Онлайнда: 1
Мийманлар: 1
Пaйдаланыўшылар: 0

Кириў усылы

Главная » 2011 » Сентябрь » 05
                  20 ЖЫЛЛЫҚҚА 20 ЖЕҢИМПАЗ

- "Обед” деп екилениўдиң кереги жоқ, Қуўатбай аға аўылда болса көбирек шаңарағынан емес, "екинши үйи”нен табылады,-деп бизлер менен бирге жүрген район ҳәкимиятының жетекши қәнигеси М.Оразымбетовтың айтқан гәпине бола тал түсте музыка ҳәм көркем өнер мектебине ат басын тиредик.

- Келиң жигитлер, ағаңда жетискенлик көп. Усы жылдың өзинде Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан көлеминде өткерилген ҳәрқыйлы таңлаўларда жигирма оқыўшым жеңимпаз болды,-дейди Қараөзек районы Жийен жыраў атындағы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң директоры, "Ел-журт ҳүрмети” ордениниң ийеси Қуўатбай Өтегенов оқыўшыларының табысларынан баладай қуўанып. – Fәрезсизликтиң ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 1216 | Добавил: Erkin | Дата: 05.09.2011 | Комментарии (0)

Пайтахтымыздағы Ашық театрда Ғәрезсизлигимиздиң жигирма жыллығына бағышланған «Уллы ҳәм муқаддессең, ғәрезсиз Ўатан» театрластырылған байрам тамашалары болып өтти.


Президентимиз Ислам Кәримов уллы тарийхый сәне - 1991-жыл 1-сентябрьди Ўатанымыздың ғәрезсизлиги күни, деп жәриялағанынан кейин Өзбекстан жәҳәнге, жәҳән болса Өзбекстанға жүз бурды. Дүнья жәмәәтшилиги Орайлық Азия регионында ата-бабалары дүнья цивилизациясына, илим-пән ҳәм мәденияттың раўажланыўына бийбаҳа үлес қосқан, бай тарийхый ҳәм мәдений мийрасқа, үлкен экономикалық және мәнаўий потенциалға ийе халық бар екенин, жаңа ғәрезсиз мәмлекет пайда ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 1142 | Добавил: Erkin | Дата: 05.09.2011 | Комментарии (0)

Шоманай районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы 17-санлы улыўма билим бериў мектеби республикамыздағы басқа мектеплерден оншелли парық қылмайды. Кең ҳәм жақтылы ханаларға ийе бул мектеп имараты «2004-2005-жылларда мектеп билимлендириўин раўажландырыўдың Мәмлекетлик улыўма миллий бағдарламасы» тийкарында қайта реконструкцияланып, заманагөй оқыў ҳәм спорт инвентарьлары менен толық тәмийинленген. Усы билим дәргайында райондағы «Бердибай аўыл» пуқаралар жыйыны аймағында жасайтуғын турғынлардың ул-қызлары тәлим алады.

«Дәўлетлиниң қос қонағы бир келеди» дегениндей, жақында мектеп жәмәәти қос байрам қушағына енди. Бириншиден, бул жерде ең уллы, ең әзиз байрамымыз болған Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 20 жыллығы кең түрде нышанланған болса, екиншиден, усы мектепти 1990-1991-оқыў жылында питкерген оқыўшылардың жиг ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 1090 | Добавил: Erkin | Дата: 05.09.2011 | Комментарии (0)

                            ПУБЛИЦИСТИКА

Өткен ата-бабаларымыз әсирлер даўамында "Елиў жылда — ел жаңа” деген нақыл менен жасап кетти. Жаңа өспирим жигит болып, бул нақыл мазмунына мәни бере баслаған ўақтымыз — өткен әсирдиң алпысыншы жылларының басы еди. Ол заманда елиў деген ер адамның орташа жасы. Енди ғана қырықтан өтип жүргенлердиң сақаллары бел буўарына түсип, мерекелерде ғаррылар топарында отыратуғын еди. Сонда бизлер: "Ел, ҳәр елиў жылда жаңаланатуғын болса, оның рәҳәтин ким көреди?” деген ойларға берилгенбиз.

Бүгин, Өзбекстанның ғәрезсизликке ерисип, азат ҳәм абат Ўатан, еркин ҳәм дем ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 1059 | Добавил: Erkin | Дата: 05.09.2011 | Комментарии (0)

Ҳәр жылы мәмлекетимиздиң ғәрезсизлик байрамы жақынлаған сәнелерде "ғәрезсизлик маған не берди, мен ғәрезсизлик ушын не иследим?” деген дәстүрли бир саўал ҳәр бир ўатанласымыздың жүрек сезиминен өтетуғыны тәбийий.

Сондай-ақ, бул саўал кеңирек мәниде айтқанда елимиз халық хожалығының ҳәмме тараўларына да тийисли. Соның ишинде мине, кино тараўын алып қарайық: егер ғәрезсизлик болмағанда қарақалпақ тилинде көркем фильм дөретиў ҳаққында қыял етиўдиң өзи фантастикадай бир нәрсе еди. Ҳәттеки, "Өзбекфильм”ниң өзи шығаратуғын киносының атын қойыўға да Москвадан рухсат алыўы керек болған. Аржағын тереңлестире бермей-ақ қояйық.

Мине, енди мәмлекетимиз ғәрезсиз. Бул ғәрезсизлик қарақалпақ киносы ушын үлкен мүмкиншилик жаратып берди. Бурын жылына төрт кино журнал, төрт ҳүжжетли фильм, орайдағылардың кеўлине жақсылық салса, бир к ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 2264 | Добавил: Erkin | Дата: 05.09.2011 | Комментарии (0)

Қарақалпақ халқының бийтәкирар көркем өнерин, мәдениятын раўажландырыў, талантлы жасларды миллий ҳәм дүнья жүзилик көркем өнердиң жоқары үлгилери руўхында тәрбиялаў, заманагөй театр ҳәм кино, телевидение, радио бағдарлары бойынша жоқары маманлықтағы актёрлар, көркем өнер саласындағы қәнигелерди жетилистириў мақсетинде ашылған Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер институтының Нөкис филиалында бүгинги күни республикамыздың 120 дан зыят жигит-қызлары 7 жөнелис бойынша тәлим алмақта. Оларға тәжирийбели оқытыўшылар Қазақстан, Қарақалпақстан, Өзбекстан Республикаларына хызмет көрсеткен артист Р.Қутекеева, Өзбекстан, Қарақалпақстан Республикаларына хызмет көрсеткен артист Э.Айтниязова, белгили актриса М.Исмайылова, Л.Оразымбетова ҳәм басқа да ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 1627 | Добавил: Erkin | Дата: 05.09.2011 | Комментарии (0)

Аўыл таңы өзгеше. Таң шуғласы әлемге өзиниң қызғыш нурларын жайып, әтирап нурға бөленип, жерде тиришилик ояна баслады. Қыялымда қуяш мениң аўылым төбесинен шығып, дүнья усы жерден басланып турғандай. Ондағы ҳәр бир қубылыс жүрегиме жақын, көзиме ысық. Сәҳәрдеги терек жапырақларының сытырлысы, қуслардың жуғырласып сайраўы, суўлардың сылдырлысы, гүллердиң әсте тербелиўи, қоразлардың шақырыўы, ана таўық шөжелерин шүйкилдетип ертип өз несийбелерин тинте баслаўы, аўыл ҳаялларының сыйыр саўып, оларды падаға қосыўы өзгеше бир көринис. Булардың бәри қайталанбас бир гөззаллық.

Аўылым!.. Бул сөз айтар тилге де, еситер қулаққа да жағымлы. Мен бул сөзди айтсам да, еситсем де, кеўлимде әлле қандай да бир толқыўлы тебиренислер кешеди. Мениң туўылып, ойнап өскен, камалға келген жерим, муқа ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 1387 | Добавил: Erkin | Дата: 05.09.2011 | Комментарии (0)

"Fәрезсизлик жылнамасы ” таңлаўына Өзбекстан бойынша 20 жылдан берли түсирилген кинофильмлер ишинде "Ең жақсы ҳүжжетли фильм” номинациясы бойынша биринши орын жеңимпазы болған бизиң жерлесимиз, кинооператор Батыр Базарбаев екенлигин еситкенде бул хошхабарды кең жәмийетшиликке жеткергенше асықтық.

Тек мәмлекетимизде ғана емес, "Мосфильм”, "Одессафильм”, "Қырғызфильм”, "Қазақфильм” киношылары менен бирге ислесип, жүзлеген фильмлерге операторлық, айырымларына режиссёрлық еткен Батырдың тәжирийбеси бул таңлаўда айрықша баҳаланды. Режиссёр Махмуд Туйчиев пенен бирге сүўретке алған "Регистан-Самарқанд маржаны” атлы бул ҳүжжетли фильм усы таңлаўға усынылған 100 ден аслам фильмлер ишинде тарийхый әҳмийети, көркемлиги, сүўретке алыўдағы шеберлиги менен ажыралып турғанлығын таңлаў төрешилери бол ... Даўамын оқыў...
Просмотров: 1216 | Добавил: Erkin | Дата: 05.09.2011 | Комментарии (0)

Излеў

Календарь
«  Сентябрь 2011  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
   1234
567891011
12131415161718
19202122232425
2627282930

Архив

Сыбайлас сайтлар
  • Қарақалпақстан музейи менен танысың
  • Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң веб-сайты
  • Қарақалпақстандағы оқыў орынларының бири
  • Кеўил ашар
  • Рунеттеги сайтлар
  • Қарақалпақстан жаңалықлары

  • Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары. Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
    Copyright MyCorp © 2024